Ботаникс – бағбаншылық ҳәм өсимликлер ҳаққындағы журнал

қарақалпақ версиясы

Сиз бахыт ушын төрт жапырақлы өсимликти өстирип атырсыз – төрт жапырақлы марсилия (Marsilea quadrifolia)

picture Төрт жапырақлы марсилия (Marsilea quadrifolia) папортник өсимлиги болып, төрт жапырақлы формасындағы жапырақлары менен. Сизге өсимлик – папортник ҳәм төрт жапырақлы сөз бир-бирине туўры келмийтуғындай болып түйилмектеме? Әксинше, бул сөзлер ағла дәрежеде туўры келип, әдеттен тысқары декоративли, бағбаншылыққа әмелий мәлим таныс болмаған өсимлик.

Екшемби 4.10.2009 07:00 | Баспа | Батпақ ҳәм суў өсимликлери

Биз пепино жетилистиремиз

Пепиноның ўатаны (ботаникалық аталыўы Solanum muricatum) Перу яки Колумбия болып есапланыўы мүмкин. Сол жерден ол пүткил Латын Америкасына ҳәм оннан басқа жерлерге тарқалған. Ҳәзирде ол бәриненде Боливияда, Эквадорда ҳәм Жаңа Зеландияда көп жетилистириледи.

Шемби 3.10.2009 21:56 | Баспа | Экзотикалық өсимликлер

Коларадо қоңызы NOVODOR FC ға қарсы

Коларадо қоңызын (Leptinotarsa decemlineata) ҳеш кимге таныстырыў керек емес. Ҳәмме оны картофель зыянлаўшысы сыпатында жақсы биледи, «химия» дан пайдаланбастан дерлик жоқ қылып жибериў мүмкин емес. Бирақ көпшилик билмесе керек, ҳәзирде ол онша қорқынышлы емес биологиялық препарат пайда болғаннан берли.

Шемби 3.10.2009 18:49 | Баспа | Зыянлы жәнликлер

Биз шығанақлы вешенканы өстиремиз (Pleurotus ostreatus)

Ҳәзирги ўақытта шығанақлы вешенка (Pleurotus ostreatus) шампинёнларға қарағанда белгили болып қалды. Басқаларға қарағанда парқлы тәрепи бар – оны зәҳәрли ақ ешек замаррықлар менен алжастырыўға болмайды.

Шемби 3.10.2009 17:01 | Баспа | Замаррықлар

Биз жаңа газон орнатамыз

Жаңа газонды қойыў яки ески газонды егиўдиң ең қолайлы ўақты май яки июн айлары, егер жыл салқын келсе июл айы да туўры келиўи мүмкин.

Шемби 3.10.2009 12:12 | Баспа | Газон

Суўыққа шыдамлы пальма (жабайы пальма) Rhapidophyllum hystrix

Rhapidophyllum hystrix – пүткил жер жүзи бойынша ең суўыққа шыдамлы апльма түри болып есапланады, соның ушын биргеликте Rhapidophyllum hystrix әўлады бир көриниске ийе. Тәбиятта ол Қубла-Шығыс АҚШтың батқақ жерлеринде өседи. Бул түр суўықтың 20 °C қа шекем шыдамлы болғанлығы ушынбизде ашық жерлерде өстириүге болады. Оның қанықарлы тәреплеринен бири онша үлкен болмаған узынлығы (кеминде 1–3 метр) ҳәм жазыбалы денеси қуйық тикенлер менен қапланған.

Шемби 3.10.2009 10:40 | Баспа | Пальмалар

Ҳинд лотосы (Nelumbo nucifera)

сүўрет

Ҳинд лотосы

Лотостың гүли Ҳинд лотосы (Nelumbo nucifera) – бул әжәйып суў өсимлиги болып ығал болмайтуғын жасыл күл реңли жапырақлары ҳәм қызғылт гүллери бар. Буддистлер оларды диний мәресимлер ушын пайдаланады. Өсимликти барлық бөлимин жеўге болады (биринши нәўбетте аўқатқа туқымлары ҳәм жер ғозалары ислетиледи), ол Қубла-шығыс азияның ҳәр қыйлы аўқатларын таярлаў ушын ислетиледи. Бул батқақлы өсимлик болып, суў лилиясын өсиргендей қылып өстирсе болады. Бизде лотосты өстириў қыйын емес, тек ғана оны билиў керек.

Шемби 3.10.2009 08:34 | Баспа | Батпақ ҳәм суў өсимликлери

Черимоя (Annona cherimola)

Европада кейинги ўақытлары жүдә қызық тропик мийўелерди келтирмекте. Shaxsan men Черимоя мийўесин жеп көргенмен . Сатыўда кемнен – кем пайда болсада, жүдә әжәйып болғаны ушын дүканларда барлық ўақытта өз жерин ийелеп турады.

Черимоя мийўели терек болып(Annona cherimola), саўда белгиси менен ислетиледи, Колумбиядан тартып Перуға шекем теңиз қәддинен 1500 метр жоқарыда болған Анд алапларында өседи. Ол пәслеў жерлерде дем температураға шыдамлы, соның ушын сиз Черимояны дуньяның көплеген ыссы жерлеринде, және де Израильде ҳәм Қубла Испаниядан табыўыңызға болады. Бул әўладқа 120 ға жақын түр киреди.

Жума 2.10.2009 07:33 | Баспа | Экзотикалық өсимликлер

Кивано - Cucumis metuliferus

Кивано тоқ сары қабақ көриниснде болып, узынлығы 10–15 см, оның „найзалары“ орта әсир қуралын еслетеди. Жасыл ети узынлығы 5–10 мм көп туқымларға ийе. Егер ол писпеген болса, найзалары әтирапында жасыл сүўретлерге ийе болады.

Пийшемби 1.10.2009 06:30 | Баспа | Экзотикалық өсимликлер

Ҳинд атшы Pongamia pinnata

picture

Pongamia pinnata

Ҳинд атшы Pongamia pinnata (Indian Beech Tree, Honge Tree, Pongam Tree, Panigrahi) собықлылар (Fabaceae) шаңарағындағы жапырақ таслаўшы терек есапланады, келип шығыўы Ҳиндистаннан болып, Қубла-Шығыс Азияда көп өсириледи.

Ол 15–25 см ға шекем өседи ҳәм үлкен шақа-шабаданы көрсетеди. Гүллеўи майда ақ, қызғылт яки қызыл ҳүш-ийис гүллер менен гүллейди.

Пийшемби 1.10.2009 05:28 | Баспа | Экзотикалық өсимликлер

Continue: 1-10 11-20 21-24

КПР клубы ҳаққында

КПР – Өсимлик өсириўшилери клубы Словакия
КПР – Өсимлик өсириўшилер клубы ҳалық-аралық бағбанлар шөлкеми болып есапланады. Толық оқыў...
Өсимликлерди өсириў ҳәм егиў тәжрийбелериңиз бенен бөлисиң. Бул ҳаққында өзиңиздиң ана тилиңизде мақала жазың ҳәм оны Ботаникс журналында жарыққа шығарың! Буннан да көбирек мағлыўмат ушын биз бенен байланысың.