Ботаникс – бағбаншылық ҳәм өсимликлер ҳаққындағы журнал

қарақалпақ версиясы

Суўыққа шыдамлы пальма (жабайы пальма) Rhapidophyllum hystrix

Rhapidophyllum hystrix – пүткил жер жүзи бойынша ең суўыққа шыдамлы апльма түри болып есапланады, соның ушын биргеликте Rhapidophyllum hystrix әўлады бир көриниске ийе. Тәбиятта ол Қубла-Шығыс АҚШтың батқақ жерлеринде өседи. Бул түр суўықтың 20 °C қа шекем шыдамлы болғанлығы ушынбизде ашық жерлерде өстириүге болады. Оның қанықарлы тәреплеринен бири онша үлкен болмаған узынлығы (кеминде 1–3 метр) ҳәм жазыбалы денеси қуйық тикенлер менен қапланған.

Шемби 3.10.2009 10:40 | Баспа | Пальмалар

Ҳинд лотосы (Nelumbo nucifera)

сүўрет

Ҳинд лотосы

Лотостың гүли Ҳинд лотосы (Nelumbo nucifera) – бул әжәйып суў өсимлиги болып ығал болмайтуғын жасыл күл реңли жапырақлары ҳәм қызғылт гүллери бар. Буддистлер оларды диний мәресимлер ушын пайдаланады. Өсимликти барлық бөлимин жеўге болады (биринши нәўбетте аўқатқа туқымлары ҳәм жер ғозалары ислетиледи), ол Қубла-шығыс азияның ҳәр қыйлы аўқатларын таярлаў ушын ислетиледи. Бул батқақлы өсимлик болып, суў лилиясын өсиргендей қылып өстирсе болады. Бизде лотосты өстириў қыйын емес, тек ғана оны билиў керек.

Шемби 3.10.2009 08:34 | Баспа | Батпақ ҳәм суў өсимликлери

Черимоя (Annona cherimola)

Европада кейинги ўақытлары жүдә қызық тропик мийўелерди келтирмекте. Shaxsan men Черимоя мийўесин жеп көргенмен . Сатыўда кемнен – кем пайда болсада, жүдә әжәйып болғаны ушын дүканларда барлық ўақытта өз жерин ийелеп турады.

Черимоя мийўели терек болып(Annona cherimola), саўда белгиси менен ислетиледи, Колумбиядан тартып Перуға шекем теңиз қәддинен 1500 метр жоқарыда болған Анд алапларында өседи. Ол пәслеў жерлерде дем температураға шыдамлы, соның ушын сиз Черимояны дуньяның көплеген ыссы жерлеринде, және де Израильде ҳәм Қубла Испаниядан табыўыңызға болады. Бул әўладқа 120 ға жақын түр киреди.

Жума 2.10.2009 07:33 | Баспа | Экзотикалық өсимликлер

Кивано - Cucumis metuliferus

Кивано тоқ сары қабақ көриниснде болып, узынлығы 10–15 см, оның „найзалары“ орта әсир қуралын еслетеди. Жасыл ети узынлығы 5–10 мм көп туқымларға ийе. Егер ол писпеген болса, найзалары әтирапында жасыл сүўретлерге ийе болады.

Пийшемби 1.10.2009 06:30 | Баспа | Экзотикалық өсимликлер

Ҳинд атшы Pongamia pinnata

picture

Pongamia pinnata

Ҳинд атшы Pongamia pinnata (Indian Beech Tree, Honge Tree, Pongam Tree, Panigrahi) собықлылар (Fabaceae) шаңарағындағы жапырақ таслаўшы терек есапланады, келип шығыўы Ҳиндистаннан болып, Қубла-Шығыс Азияда көп өсириледи.

Ол 15–25 см ға шекем өседи ҳәм үлкен шақа-шабаданы көрсетеди. Гүллеўи майда ақ, қызғылт яки қызыл ҳүш-ийис гүллер менен гүллейди.

Пийшемби 1.10.2009 05:28 | Баспа | Экзотикалық өсимликлер

Әжайып велвичия (Welwitschia mirabilis) – тири қазылманы өстириң

picture Әжайып велвичия яки өзине тән (Welwitschia mirabilis) ески өсимлик болып есапланады, ҳәзирги ўақытта Атлантика океанының жағаларында, шөлдиң киши бөлимлеринде ҳәм Намибияның қубла Анголаларында өседи. Бул терек болып, бир көринистен буғын улыҳма усамайды. Пүтин өсимлик жумалақ тамырынан ҳәм еки қапталында орналасқан болып, ҳәр сапары өсетуғын, еки оралған узынлығы 2,4 м ге шекем болған ленталарды еслетип, велвичия бир пүтин тасланды қурамын қалдырады. Гәп өсип шығатуғын ултанлар ҳаққында болып, мудамы өсиўди еттиретуғын ислери қурып қалады ҳәм ыдырап кетеди.

Шийшемби 29.9.2009 21:26 | Баспа | Экзотикалық өсимликлер

Биз дән қоңызларына қарсы гүресемиз

Дән қоңызларын ҳеш кимге таныстырыўдың қәжети жоқ. Олар майда қоңызлар (3–4 mm) болып, асханада топланған туқымлары арасына табылатуғын еди.

Зыянкеслер собықлылар туқымларының барлық түрлеринде раўажланады. Дерлик барлық собықлылар өзиниң жеке дән қоңызларына лобия-лобиялы, буршақ-буршақлы, шешевица-шешевицалы, собық-собықлыларға, … ийе болады.

Туқымларының қоңызлар тәрепинен желинген орынлары жемирилгенге уқсайды, үлкен қоңызлар өзлеринен кейин тесикшелер қалдырады. Айырым түрлери (мәселен лобиялы дән қоңызы) оларды сақлаў ўақтында көбирек зыян келтиреди (себеби бул орынларда жасаў ушын идеал шәраятларға ийе болады), тийкарынан өсимликлер бағда, бағ қапталларына зыян көрсеткен болады.

Оларға қарсы гүресиў жүдә әпиўайы ҳәм нәтийжели болады (нәтийжелиги 100% ке тең).

Шийшемби 29.9.2009 10:25 | Баспа | Зыянлы жәнликлер

Қарағай Pinus kesiya

Pinus kesiya қарағайы азия қарағайларының тез өсер түрлеринен бири, өзиниң ўатанынан басқа жерлерде кем өсириледи. Ол 30–35 метрге дейин өседи, ал диаметри 1 метрге шекем жетеди. Бул үш ийнели қарағай (бир жеринен 15–20 см 3 ийне шығарады). Исигиниң үлкенлиги 5–9 см, туқымының узынлығы 1,5–2,5 см.

Шийшемби 29.9.2009 07:14 | Баспа | Тикен жапырақлылар

Қытай шай путасы – өзиңиздиң шайыңызды өстириң!

сүўрет Өзин ҳүрмет қылатуғын ҳәр бир ҳәўескер бағбан қыс аҳырында кейинги пасылға нени өстириўди ҳәм көбейтиўди режелестире баслайды. Ҳәр жылы помидорларды, қызыл бурышларды ҳәмде қыярларды өстириў жаныңызға тиймедме? Өзгерислерди қәлейсизбе? Азғана экзотикадан? Усы жылы шай өстириўге қалайсыз?!

Дүйшемби 28.9.2009 06:38 | Баспа | Экзотикалық өсимликлер

Continue: 1-10 11-20 21-24

КПР клубы ҳаққында

КПР – Өсимлик өсириўшилери клубы Словакия
КПР – Өсимлик өсириўшилер клубы ҳалық-аралық бағбанлар шөлкеми болып есапланады. Толық оқыў...
Өсимликлерди өсириў ҳәм егиў тәжрийбелериңиз бенен бөлисиң. Бул ҳаққында өзиңиздиң ана тилиңизде мақала жазың ҳәм оны Ботаникс журналында жарыққа шығарың! Буннан да көбирек мағлыўмат ушын биз бенен байланысың.