Барлық мақалалардың архиви
Сиз бул жерде Ботаникс журналының барлық қарақалпақ тилинде жазылған мақалаларын тапсаңыз болады.
Category: Барлығы Батпақ ҳәм суў өсимликлери Газон Замаррықлар Зыянлы жәнликлер Пальмалар Тикен жапырақлылар Экзотикалық өсимликлер Өсимликлерди өсириў усыллары
Ай архиви октябр 2009 (19 текслери)
Пиязларды ҳәм өсимликлерди егиў
Сатып алынған өсимликлерди (егинлерди), почтадан алып келингенлерин, қадақтан шығарып қараңғырақ орынға 2–3 күнге жайластырың. Симзде екинши имканият да бар оларды бирден егиў, кейин болса бир нәрсе менен еки күнге қыя қылып жабып қойыў (мәселен концеляр қағаз бенен, доска менен) оларды қуяштан туўрыдан- туўры нурланыўдан сақлаў ушын. Болмаса сиз олдарды қуяш нурларынан зыянландырып қоясыз.
Екшемби 4.10.2009 21:13 | Баспа | Өсимликлерди өсириў усыллары
Өсимликлерди туқымлардан көбейтиў
Бир жыллықлар Көп жыллықлар Палызлар
Ушлы пияз
Швит, арпабадиян, зирә, анис
Ашшы бурыш, помидорлар ҳәм баклажан –туқымларын егиў
Дүккелилер ловия, нохат, соя, жер жанғақ (арахис, қытай ғозасы)
Тереклер ҳәм путалар
Екшемби 4.10.2009 21:05 | Баспа | Өсимликлерди өсириў усыллары
Темеки Nicotiana glauca – балконлы пейзажлы өсимликлер
Көгимтир темеки яки кникотин
Инсан талабы ҳәр дайым жаңа, әдеттен тысқарыдур. Ҳар бир ҳәўескер бағиан өзиниң бағында жаңа, ҳеш ким көрмеген, ҳеш кимде жоқ нәрсени өстириўди қәлейди. Соның ушын гүл базары ҳәр жылы тўрли жаңалықлар усыныс етеди, ҳәўескер бағманлардың арзу қылып жүрген жаңалықларын “қандырыў” ушын. Бирақ тижарат артынан көбейип атырған жаңалықлар тезликте тек ассортимент болып қалып атыр.
Екшемби 4.10.2009 20:55 | Баспа | Экзотикалық өсимликлер
Хошқәўмет уршық формалы алманы өсириў
Базар экономикасының раўажланыўы өзи менен түрли өзгерислерди алып келеди. Усылардан бири аўыл хожалық ислеп шығарыў интенсификациясы болды, ислеп шығарыў эффектин көтериўге ҳәм базардағы ислеп шығарыўшылар бәсекилесиўине туўырланған. Бағбаншылықта өсириў ушын майданнан туўры пайдаланыў, булл интенсификация тереклериниң бәлент кронынан тартып ең пәс путаларына өтиў дегени. Пәсрек крон тереклерин өсириў көплеп пайдаға ийе, жумысты жеңиллестиреди ҳәм мийўе сыпатын жаңа дәрежеге қояды. Алмаларда пәсрек кронлы тереклердиң намаяндалары болып өсиўши тереклер болып есапланады “хошқәўмет уршық”, “супер қәўметли уршық”, “қуяшлы оқ” (solar axe) ҳ.т.б. Перспективли ҳәм пайдалы болып “хошқәўмет уршық” көринисиндеги терек есапланады.
Екшемби 4.10.2009 10:19 | Баспа | Өсимликлерди өсириў усыллары
Қыйылған шөп пенен не қылыў керек?
Кесилген шөп пенен не қылыў керек? Егер сиздиң шырайлы пәс газонға ышқыңыз кетсе болса, сиз анық оны тез-тез қыйып турасыс. Бирақ көп қыйыў нәтийжесинде көп муғдарда қыйылған шөп жыйналып қалады (егер сиз ҳеш зат екпесеңиз) сизге тек кесент береди. Соның ушын көпшилик мениң бағшы досларым оны таслап жибереди. Мен тек басымды шайқап ойланаман, неге олар ең арзан төгинди таслап жибереди.
Пальма Parajubaea torallyi
Parajubaea torallyi Қубла Американың ең сулыў бекем пальмаларының бири болып есапланады. Бул ат сизге ҳеш нәрсени айтып турған жоқпа? Әжеп емес, Европада көп мудардағы туқымлар себепли ол аз егиледи (булл алып келиўге көп қәрежет кеткенликтен). Сол себепли, Боливиядан тысқары, булл әжайып пальма түрин сиз аз ушыратасыз.
Қурт-қумырсқа жеўши өсимликтиң туқымларын егиў көрсетпеси
Балкан майы (Pinguicula balcanica)
Қурт-қумырсқа жеўши өсимликтиң туқымлары өсиниң өнимдарлығын қысқа ўақытта сарыплайды. Бир жылдан соң көп туқымлардың түрлери өнимдарлығы керексиз ҳәм майда болып қалады. Соның ушын бул өсимликлердиң жаңа туқымлары қолыңызға тусиўи менен дәрриў егиўиңиз зәрүр.
Екшемби 4.10.2009 10:05 | Баспа | Өсимликлерди өсириў усыллары
Газонды қандай қылып туўры орыў мүмкин?
Газонның қалың өсиўи ушын оны туўры орыў керек. Ҳәр қандай жас ақ қарағай ямаса сосна жақсы көринисин жоғалтады, егер набыт болып атырған газонда жайласқан болса.
Нанлы терек Artocarpus odoratissimus
Арқа-шығыс Азия ҳәм Тыныш океаны араларыннан тарқалған нанлы терек (Artocarpus) туқымына тут туқымласының 60 түрли барлық ўақыт жасыл тропик тереклери киреди (Moraceae). Ол әнжир тереклерине туқымлас (Ficus). Нанлы терек (Artocarpus altilis) көп өстирилетуғын ҳәм белгили болған. Усы туқымға бирқанша мийўелы путалар ҳәм терек түрлери киреди, мысалы: әпиўайи Artocarpus (Artocarpus communis), (жабайы) чемпедак (Artocarpus integer), Жекфрут (түрли жапырақлы нанлы терек) (Artocarpus heterophyllus) ҳәм Мараң ямаса тарап (Artocarpus odoratissimus).
Екшемби 4.10.2009 09:54 | Баспа | Экзотикалық өсимликлер
Сиз бахыт ушын төрт жапырақлы өсимликти өстирип атырсыз – төрт жапырақлы марсилия (Marsilea quadrifolia)
Төрт жапырақлы марсилия (Marsilea quadrifolia) папортник өсимлиги болып, төрт жапырақлы формасындағы жапырақлары менен. Сизге өсимлик – папортник ҳәм төрт жапырақлы сөз бир-бирине туўры келмийтуғындай болып түйилмектеме? Әксинше, бул сөзлер ағла дәрежеде туўры келип, әдеттен тысқары декоративли, бағбаншылыққа әмелий мәлим таныс болмаған өсимлик.
Екшемби 4.10.2009 07:00 | Баспа | Батпақ ҳәм суў өсимликлери
Биз пепино жетилистиремиз
Пепиноның ўатаны (ботаникалық аталыўы Solanum muricatum) Перу яки Колумбия болып есапланыўы мүмкин. Сол жерден ол пүткил Латын Америкасына ҳәм оннан басқа жерлерге тарқалған. Ҳәзирде ол бәриненде Боливияда, Эквадорда ҳәм Жаңа Зеландияда көп жетилистириледи.
Шемби 3.10.2009 21:56 | Баспа | Экзотикалық өсимликлер
Коларадо қоңызы NOVODOR FC ға қарсы
Коларадо қоңызын (Leptinotarsa decemlineata) ҳеш кимге таныстырыў керек емес. Ҳәмме оны картофель зыянлаўшысы сыпатында жақсы биледи, «химия» дан пайдаланбастан дерлик жоқ қылып жибериў мүмкин емес. Бирақ көпшилик билмесе керек, ҳәзирде ол онша қорқынышлы емес биологиялық препарат пайда болғаннан берли.
Шемби 3.10.2009 18:49 | Баспа | Зыянлы жәнликлер
Биз шығанақлы вешенканы өстиремиз (Pleurotus ostreatus)
Ҳәзирги ўақытта шығанақлы вешенка (Pleurotus ostreatus) шампинёнларға қарағанда белгили болып қалды. Басқаларға қарағанда парқлы тәрепи бар – оны зәҳәрли ақ ешек замаррықлар менен алжастырыўға болмайды.
Шемби 3.10.2009 17:01 | Баспа | Замаррықлар
Биз жаңа газон орнатамыз
Жаңа газонды қойыў яки ески газонды егиўдиң ең қолайлы ўақты май яки июн айлары, егер жыл салқын келсе июл айы да туўры келиўи мүмкин.
Суўыққа шыдамлы пальма (жабайы пальма) Rhapidophyllum hystrix
Rhapidophyllum hystrix – пүткил жер жүзи бойынша ең суўыққа шыдамлы апльма түри болып есапланады, соның ушын биргеликте Rhapidophyllum hystrix әўлады бир көриниске ийе. Тәбиятта ол Қубла-Шығыс АҚШтың батқақ жерлеринде өседи. Бул түр суўықтың 20 °C қа шекем шыдамлы болғанлығы ушынбизде ашық жерлерде өстириүге болады. Оның қанықарлы тәреплеринен бири онша үлкен болмаған узынлығы (кеминде 1–3 метр) ҳәм жазыбалы денеси қуйық тикенлер менен қапланған.
Ҳинд лотосы (Nelumbo nucifera)
Ҳинд лотосы
Лотостың гүли Ҳинд лотосы (Nelumbo nucifera) – бул әжәйып суў өсимлиги болып ығал болмайтуғын жасыл күл реңли жапырақлары ҳәм қызғылт гүллери бар. Буддистлер оларды диний мәресимлер ушын пайдаланады. Өсимликти барлық бөлимин жеўге болады (биринши нәўбетте аўқатқа туқымлары ҳәм жер ғозалары ислетиледи), ол Қубла-шығыс азияның ҳәр қыйлы аўқатларын таярлаў ушын ислетиледи. Бул батқақлы өсимлик болып, суў лилиясын өсиргендей қылып өстирсе болады. Бизде лотосты өстириў қыйын емес, тек ғана оны билиў керек.
Шемби 3.10.2009 08:34 | Баспа | Батпақ ҳәм суў өсимликлери
Черимоя (Annona cherimola)
Европада кейинги ўақытлары жүдә қызық тропик мийўелерди келтирмекте. Shaxsan men Черимоя мийўесин жеп көргенмен . Сатыўда кемнен – кем пайда болсада, жүдә әжәйып болғаны ушын дүканларда барлық ўақытта өз жерин ийелеп турады.
Черимоя мийўели терек болып(Annona cherimola), саўда белгиси менен ислетиледи, Колумбиядан тартып Перуға шекем теңиз қәддинен 1500 метр жоқарыда болған Анд алапларында өседи. Ол пәслеў жерлерде дем температураға шыдамлы, соның ушын сиз Черимояны дуньяның көплеген ыссы жерлеринде, және де Израильде ҳәм Қубла Испаниядан табыўыңызға болады. Бул әўладқа 120 ға жақын түр киреди.
Жума 2.10.2009 07:33 | Баспа | Экзотикалық өсимликлер
Кивано - Cucumis metuliferus
Кивано тоқ сары қабақ көриниснде болып, узынлығы 10–15 см, оның „найзалары“ орта әсир қуралын еслетеди. Жасыл ети узынлығы 5–10 мм көп туқымларға ийе. Егер ол писпеген болса, найзалары әтирапында жасыл сүўретлерге ийе болады.
Пийшемби 1.10.2009 06:30 | Баспа | Экзотикалық өсимликлер
Ҳинд атшы Pongamia pinnata
Pongamia pinnata
Ҳинд атшы Pongamia pinnata (Indian Beech Tree, Honge Tree, Pongam Tree, Panigrahi) собықлылар (Fabaceae) шаңарағындағы жапырақ таслаўшы терек есапланады, келип шығыўы Ҳиндистаннан болып, Қубла-Шығыс Азияда көп өсириледи.
Ол 15–25 см ға шекем өседи ҳәм үлкен шақа-шабаданы көрсетеди. Гүллеўи майда ақ, қызғылт яки қызыл ҳүш-ийис гүллер менен гүллейди.
Пийшемби 1.10.2009 05:28 | Баспа | Экзотикалық өсимликлер
КПР клубы ҳаққында
Өсимликлерди өсириў ҳәм егиў тәжрийбелериңиз бенен бөлисиң. Бул ҳаққында өзиңиздиң ана тилиңизде мақала жазың ҳәм оны Ботаникс журналында жарыққа шығарың! Буннан да көбирек мағлыўмат ушын биз бенен байланысың.