Биз жаңа газон орнатамыз
Жаңа газонды қойыў яки ески газонды егиўдиң ең қолайлы ўақты май яки июн айлары, егер жыл салқын келсе июл айы да туўры келиўи мүмкин.
1. Жаңа газонның орнатылыўы
Газонды орнатпақшы болған жериңиз шама менен 10–15 см шуқырлыта көмиң. Жердиң үстки бөлимин жақсылап текислең, мәселен валик пенен.
Кейин сизде еки имкәният бар
a) газонды егиў
Биринши нәўбетте екпекши болған жердиң майданын өлшең.
Егилетуғын егинниң отының есабын қылың: есапты 25 грамм егинди 1 м2 + қа ҳәр 10 м2 25 грамм егинди кереклигинше қосың.
Егинди сатып алыўдан алдын дыққатыңызды оның тазалығына қаратың. Себеби от өнимдарлығын тез жоғалтады(екинши жылға ол 50 % ға көбейеди). Сатып алыўда дүкәнда егинниң дурыс сақланғанлығына итибәр бериң(егер ол ығаллы болған болса, бир қыйлы туқымлар өнип шыққан болыўы да мүмкин). Дүкәнларда егинниң орташа баҳасы (сортына қарап) 3–5 евро/кг.
Егинди қандай ислетиўиңизге қарап (оның үстинде тез-тез жүресизбе, спорт пенен шуғылланбақшыдырсыз яки үй қусларын бағыў ушын). Ҳешқашан маркаланбаған егинди сатып алмаңыз!
Өзине исенген фирмаларда шап етилген қағазлары болады, олар есапсыз болған отлар қарыспасының ишинен бир нәрсе танлап бериўлери мүмкин. Өз қәлеўлерине қарап, қәлеген жақсы дүкәннан алып келиўлери керек.
Сатып алынған егинди қурық, суўық ҳәм саялы жерде сақлаў керек. Биз сизге егинди кейинги жылға қалдырмаўға мәсләҳәт етемиз, себеби ол өнимдарлығын тез жоғалтады.
Егинди май айында (усы жыл июльда) “пүткил ени бойлап егиң”. Егиўден алдын тар тырма жәрдеминде жерди шама менен 1 см келетуғын шуқырлықта сызық өткериў керек. Егиўден кейин майданды жақсылап текислеп жумсатың (мысалы валик жәрдеминде). Егин шама менен 14 күнде шығады. Газон 10 см ге жеткенде биринши мәртебе орың. Егер орымнан кейин газонның бос жерлерин анықласаңыз, сол жерге егип қойыўыңыз мүмкин. Газон қуйық боып өсиўин қәлесеңиз, оны 1–2 ҳәптеден кейин сентябрь айының ярымына шекем орың. Орыған отларды ҳешқашан тасламаң! Және бир мақаланың усы бөлимин дыққат пенен оқың.
a) газонды егиў ушын дәслепки өстирилген отлы гилемлерди қолланың Усы усыл тез лекин қымбатқа түседи. Басқа тәрептен бул жүдә қолай, себеби көплеген фирмаларда сатып алыўыңыз мүмкин болған дәслепки отлы гилемлер қолланылады. Олардың баҳасы терип шығыў менен бирге 3–5 €/м2 (сортына қарап) шамасында болады.
2. Ески газонды пәрвәришлеў Ҳәр бәҳәрде (ҳаўа-райын есапқа алған ҳалда март ҳәм май айлары) газонды жапырақларынан ҳәм қурық әтирапынан тазалаң, егер керек болса, егип шығың.
Газон қыс даўамында қыста “созады”, соның ушын оны бәҳәрде орып қойыў керек. Соныңдай газонды жәнеде жанлантырыў ушын жерди шамаллатыў жақсы тәсир қылады. Бул мәқсет ушын сиз әпиўайы үскене “аеротор” қылыўыңыз мүмкин.
Буның ушын қалыңлығы 2–3 см келетуғын, өлшеми шама менен 30×30 см келетуғын тақташа таярлаң. Тақташаға 10 см шеге басқа тәрепинен шығып туратуғындай етип қағылсын. Шегелер арасы 2–3 см болыўы керек. Усы тәризде шегелер қағылған тақташаны ағашлы услағышқа қағың (оның узынлығы аеротор пенен ислеў ушын сизиң бойыңызға мас келиўи керек).
Ҳәрдайым орымнан кейин шегелерди жерге тақташаға шығыўға болғандай етип басың. Кейин оларды суўырып алың ҳәм сол операцияны пүткил газон бойлап қайталаң. Зәрүр болғанда виланы ислетиўиңиз мүмкин. Газонды суўырмақшы болсаңыз аероцияны кейин қылың. Қуйылатуғын суў керек болған жерде тамырларға барып түседи.
««« Алдыңғы мақала: Суўыққа шыдамлы пальма (жабайы пальма) Rhapidophyllum hystrix Кейинги мақала: Биз шығанақлы вешенканы өстиремиз (Pleurotus ostreatus) »»»
КПР клубы ҳаққында
Өсимликлерди өсириў ҳәм егиў тәжрийбелериңиз бенен бөлисиң. Бул ҳаққында өзиңиздиң ана тилиңизде мақала жазың ҳәм оны Ботаникс журналында жарыққа шығарың! Буннан да көбирек мағлыўмат ушын биз бенен байланысың.