Ботаникс – бағбаншылық ҳәм өсимликлер ҳаққындағы журнал

қарақалпақ версиясы

Биз шығанақлы вешенканы өстиремиз (Pleurotus ostreatus)

Ҳәзирги ўақытта шығанақлы вешенка (Pleurotus ostreatus) шампинёнларға қарағанда белгили болып қалды. Басқаларға қарағанда парқлы тәрепи бар – оны зәҳәрли ақ ешек замаррықлар менен алжастырыўға болмайды.

Бул замаррық витаминлерге, аминокислоталарға минералларға бай, адам организмин зәҳәрли затлардан қорғайды. Соның менен бирге ол қанда халестерола дәрежесин пәсейттиреди. Замаррықтың азықлық қыйматы пәс. Соның ушын ол пәс калориялы диета ушын жарамлы. Соныңдай рак кеселлигине қарсы деп те тән алынбақта.

Шығанақлы вешенканы өстириў қолланбасы

Вешенканы өстириў ушын сизиң еки имкәниятыңыз бар – сабан үстинде полиетилен пакетте ямаса ағашлы шүркелерде өстириўиңизге болады.

Сабан үстинде полиетилен пакетте өстириў

Дәслеп сабанды таярлаң. Сабыўдан алдын оны стерилизациялаў керек, бактериялардан, мағаралаўдан ҳәм де басқа замаррықлардан жоқ қылыў ушын.

Стерилизациялаўдың 2 усылы бар:

  1. сабанды үлкен ыдысқа (қазанға, ески каструльге салып суў қуямыз ҳәм 100 oC температурада 1 саат қайнатамыз. Кейин сабанды 20–25 oC қа шекем суўытамыз.
  2. екинши (жүдә әпиўайы) усылы сабанды үлкен ыдысқа салып, үстинен қайнаған суўды саламыз ҳәм суўығанынша турады. Кейин суўды төгип таслаймыз ҳәм және үстинен қайнаған суў қуямыз.

20–25 oC та суўығаннан соң сабан ийлеўге таяр болады. Ийлеў төмендеги жағдайда жүз бериледи – үлкен қапқа сабанды нәўбетпе-нәўбет алмастырып тақланады ҳәм майдаланылған ийленген субстарт. Бир қадақланған ийленген субстарт 15–20 кг сабанға жетерли болып, 50×100 см полиетилен пакет өлшемине туўры келеди. Пакет толғаннан соң аўзын байлап қойың. Лезвия ямаса пышақ жәрдеминде 3–5 см узынлықтағы кесиспелер қылың, шама менен 1 пакетте 10 кесиспелер жетерли болады. Егер сиз егилетуғын егинди пәс ығаллы ҳаўада өстирмекши болсаңыз, жақсысы кемирек кесиспелер қылың(зәрүриятқа қарап, жәнеде көбирек кесиспелер қырқың). Ийлеўден кейин пакетти ярым саялы жерге жайластырың(туўры қуяштың нурлары түспеўи ушын). 15–25 oC замаррық ушын жүдә қолайлы температура. Температура қанша жоқары болса, замаррықлар сонша тез өседи(сабандағы пайдалы затлар да сонша тез сарп етиледи). Соның ушын да сизге қанша вешенка зәрүр болса, температураны масталстырыў керек. Егер зүрәәт керегинен артық болса, оларды суўық жерге алып өтиң. Егер көбирек зүрәәт керек болса, оларды ыссырақ жерге көшириң. Вешенка 3–4 ай ҳасыл береди, кейинирек пакеттеги пайдалы затлар кемейеди ҳәм жаңа мәдениятты жүзеге келтириў керек(буны жаңа сабанды ески сабанға ийлеў жолы менен қылыўға болады). Бир 2–4 кг ға шекем замаррық өстириў мүмкин.

Ағашта өстириў

Тәбиятта шығанақлы вешенка жапырақлы тереклердиң ағашында өседи. Соның ушын сиз оны 30–80 см шүркелерде өстириўизге болады. Шүркелерден бәрше жапырақлы тереклер(тикенли емес) туўры келеди. Ағаш ярым жылдан кем сақланбаған болыўы шәрт. Шүркелерди ийлеўдиң көп усыллары бар. Тийкарғысы, егилетуғын егин ағаш пенен байланыста болыўы керек. Себеби, замаррықтың талшықлары ағашта өсиўи керек. Шүркелерди ойың ҳәм егеўиш пенен кесиспелер пайда қылың, кейин усыларға ийленген субстартларды жайластырың. Соң шүркелерди қапқа салың ҳәм 2–3 айға замаррық тамыршалары өсиўи ушын қалдырың. Соннан кейин өсип шыққан мицелиялы шүркелерди бағдың салқын жайының 3/1 не жайластырың. Егер қурып қалса, суў сеўип турың. Ҳасылды шүркелерден 2–5 жыл жыйнаўыңыз мүмкин(ағаштың азығына байланыслы).

Вешенканың егилетуғын егини саўдада



««« Алдыңғы мақала: Биз жаңа газон орнатамыз Кейинги мақала: Коларадо қоңызы NOVODOR FC ға қарсы »»»

Шемби 3.10.2009 17:01 | Баспа | Замаррықлар

КПР клубы ҳаққында

КПР – Өсимлик өсириўшилери клубы Словакия
КПР – Өсимлик өсириўшилер клубы ҳалық-аралық бағбанлар шөлкеми болып есапланады. Толық оқыў...
Өсимликлерди өсириў ҳәм егиў тәжрийбелериңиз бенен бөлисиң. Бул ҳаққында өзиңиздиң ана тилиңизде мақала жазың ҳәм оны Ботаникс журналында жарыққа шығарың! Буннан да көбирек мағлыўмат ушын биз бенен байланысың.