Коларадо қоңызы NOVODOR FC ға қарсы
Коларадо қоңызын (Leptinotarsa decemlineata) ҳеш кимге таныстырыў керек емес. Ҳәмме оны картофель зыянлаўшысы сыпатында жақсы биледи, «химия» дан пайдаланбастан дерлик жоқ қылып жибериў мүмкин емес. Бирақ көпшилик билмесе керек, ҳәзирде ол онша қорқынышлы емес биологиялық препарат пайда болғаннан берли.
Ол қай жерден келип шыққан?
Коларадо қоңызы Европаға Арқа Америкадан келген. Басында ол Кордильердиң аз ғана территориясында жасаған, жабайы шөплердиң жапырақлары менен аўқатланған. Пүткил Америка бойлап биргеликте картофель өсирер ўақытта (ботаникалық атамасы Solanum tuberosum), коларадо қоңызы жабайы шөплерден оған өтти. Ҳәзирги ўақытта картофель шарапаты менен ол дүньяның барлық жерине тарқалған.
NOVODOR FC – үшинши мың жыллықтағы троялы ат?
Novodor FC 2 % протеин бактериясын өз ишине алады (Bacillus thuringiensis ssp. tenebroinis). Бул бактерия тек жапрақ жеўшилер класына кириўши қоңызлардың личинкаларын жоқ етеди (Chrysomelidae). Бағшылардың пикирине муўапық булл жапырақ жеўши қоңызларға (декоративлик өсимликлерге ҳәм шақаларға – ясенлер, ольхлар, верблар) ҳәм колорадо қоңызына да байланыслы.
Препарат аты аталған түрлердиң личинкаларында кеселлик пайда етеди. Личинкалар дәриленген жапырақларды жегеннен кейин аўқат қабыллаўды тоқтатады ҳәм 2–5 күннен кейин набыт болады. Препарат басқа түрдеги жәнликлердиң личинкаларына тәсир етпейди, оннан кейин өсимликте яки өсимлик түбинде зыянлы затлар қалмайды. Ол тек личинкаларға тәсирин тийгизеди ал, үлкен жәнликлерге тәсири жоқ. Соның ушын оны тек жас личинкаларға қарсы ислетеди.
Препараттың жасыр тәсир қылыўы ушын, личинкалар аўқатлы жақсы қабыллап тураўы ушын, жапырақлар суйықлық пенен жақсы астынан ҳәм үстинен жағылып шығылған болыўы керек. Соның ушын суйықлықты 15 Сº температурады самал жоқ ўақытта жағың. Егер 12 саат ишинде жағылғаннан соң жаўын жаўып кетсе, процессти тәкирарлаң.
Препарат киши қадақларда да сатылады, 100 мл пластик шишаларда, 3 Евро әтирапында.
Бул түрдеги бактерияның басқалары капуста гүбелеги ҳәм личинкаларын (препарат Biobit FC), ҳәмде масалардың личинкаларын (бизлерде сатылмайды) жоқ етеди.
Ақырында ең жақсысы: Дәриленгеннен кейин өсимликлер дәрриў аўқат сыпатында пайдаланылмайды!
««« Алдыңғы мақала: Биз шығанақлы вешенканы өстиремиз (Pleurotus ostreatus) Кейинги мақала: Биз пепино жетилистиремиз »»»
Шемби 3.10.2009 18:49 | Баспа | Зыянлы жәнликлер
КПР клубы ҳаққында
Өсимликлерди өсириў ҳәм егиў тәжрийбелериңиз бенен бөлисиң. Бул ҳаққында өзиңиздиң ана тилиңизде мақала жазың ҳәм оны Ботаникс журналында жарыққа шығарың! Буннан да көбирек мағлыўмат ушын биз бенен байланысың.