Ботаникс – бағбаншылық ҳәм өсимликлер ҳаққындағы журнал

қарақалпақ версиясы

Биз пепино жетилистиремиз

Пепиноның ўатаны (ботаникалық аталыўы Solanum muricatum) Перу яки Колумбия болып есапланыўы мүмкин. Сол жерден ол пүткил Латын Америкасына ҳәм оннан басқа жерлерге тарқалған. Ҳәзирде ол бәриненде Боливияда, Эквадорда ҳәм Жаңа Зеландияда көп жетилистириледи.

Европаға пепино шама менен 1785 жылы жетип келген. Оның тарқалыўы менен шуғылланған биринши европалы Людвик XVI, тағыда Кьюдағы англишан Короллығы бағшылық шөлкеми (Kew) (Лондондағы).

Қубла Америкалы ҳиндулар оны качума (cachuma) деп атайды. Бизде оның испанша аўдармалағанда салатлы қыяр дегенди аңлатыўшы атамасы пепино сақланып қалған,. Англишанша атамасы melon shrub, аўдармалағанда қаўынлы шақа дегенди билдиреди, ҳәм атама дәмине сай келеди.

Пепино шақалаўшы болып есапланады, 1 м ге дейин өседи. Өзиниң ўатанында булл көп жыллық шақалаўшы, теңиз қәддинен 2500 метр бәлентликте өсириледи. Бизде ол бир жыллық өсимлик сыпатында өсириледи. Оның гүллери картофель гүллерин еске салады, олар қырмызы яки ақ қырмызы сызықлар менен болады. Өсимлик еки жыныслы болып есапланса да, жақсы ҳасылдарлық ушын қосымша шаңлантырыў усынылады(тийкары оронжерея).

Бағ сүйиўшилер көбирек оның мийўесине қызығады. Олардың формасы авокадоны (үлкен алмуртты) еслетеди, өлшеми шама менен 15 см. Олар дәмли, мазалы, көбинше сары, кремлы, ўойыў-қырмызы сызықлы, көбинше туқымсыз болады. Аўқатқа шийки ҳалында ислетиледи, және дузланған ҳәм қуўырылған ҳалда …

Мийўеси шийки ҳалында пайдаланылады, және мийўели салат ретинде (бөлеклерге бөлинген түрли мийўелер, лимон сокы менен араластырылған, оның таярланыўына сиз жергиликли экзотикалық мийўелерди пайдаланыўыңыз мүмкин). Дузланған пепино көбирек гарнир сыпатында пайдаланылады. Қуўырылған пепино екинши аўқатқа туўра келеди.

Егер сизге пепино дәмсиз болып көринсе, оны әпиўайы приправа менен араластырыўыңыз мүмкин (корицалар, бадьяна, аниса; лимонлы, гранатлы яки маракуевлы сок – мийўелер 2 ақырғы айтылған түрлерди туқымнан өсириўге болады, бизиң импорт товарларымызда көрсетилген). Егер сизде мийўелер қалған болса, оларды үй шараятында консервалаўыңыз мүмкин (басқа түрлер менен бирге яки айрып – мысалы помидор, паприк яки мийўелер менен).

Пепино шәртли түрде қәлеген палыз сыяқлы топырағының жағдайына байланыслы (мысалы, паприк, томат). Биринши нәўбетте ола жеңил, ҳаўалы, азықлық, ҳәр дайым қурғақ болыўы керек. Экспериментал өсириўден анықланыўынша, ең жақсы жемисти ол 40 литрда береди (бир өсимлик ушын), топрақтың қара польга менен жаўылыўы (шама менен 40–45 мийўе жылына).

Қурғакшылықта ол помидор сыяқлы жетистириледи. Вегетация ўақтында ҳәптесине бир реет төгин салып туралыўы керек. Ең жақсы тәсир етиўши Harmavit болып есапланады (ол қәлеген бағшылыққа арналған магазинде сатылады). Бул төгин топыраққа яки жапыраққа бериледи.

Ол шама менен 15 см нәлше болып көбейеди. Оларды февраль – марта сайлаў керек. Тез тамырлаў ушын оларды сиз өсиў стимуляторы менен ислеўиңиз мүмкин. Кейин оларды оранжерея яки квартираңызда қумға салып қойың. Бир ай ишинде олар тамыр шығарады. Жас нәўшелер тамырлағаннан үш айдан кейин гүллей баслайды. Пепиноны және туқымлар менен де көбейтиўге болады. Бирақта булл усыл аз нәтийже береди себеби өсимлик аз туқымлайды. Жәнеде нәлшелер сапасыз өсиўи мүмкин.

Пепино усы түрге кириўши өсимликлердиң аўрыўы ҳәм зыянлаўшыларынан кыйналады (помидоры, паприка). Көбинше булл картофель плесен Phytophthora infestans. Оған қарсы сиз Kuprikol 50 қолланыўыңыз мүмкин (консентрацияда 0,6 %, т.е. 60 г 10 л суўға; қорғаныў муддети, өсимлик түби азықланбайтуғын ўақыт, 7 күнге тең) яки Dithane M 45 (конц. 0,2%, т.е. 20 г 10 л суўға; муддети, өсимлик түби азықланбайтуғын ўақыт, 21 күнге тең).

Қыста пепино жыллы жерде қыслаўы керек (оранжереяда, квартирада ҳ.т.б). Температура 5 ºC тан түспеўи керек. Жазда тамырлаў ушын нәлшелерден пайдаланың, ал гөне өсимликти жоқ қылың, себеби олардың кейинги өсирилиўи пайда бермийтуғынлық болады.

Пепиноны өзимниң усынысыма киритиўди менен режелестирмеймен, себеби булл түр бизде сатылмақта ҳәм сизлердиң көпшилигиңизге булл зеригерли болар еди. Буннан басқа пепиноны – орта баҳада шама менен 1 Евро муғдарда алыўға болады.

««« Алдыңғы мақала: Коларадо қоңызы NOVODOR FC ға қарсы Кейинги мақала: Сиз бахыт ушын төрт жапырақлы өсимликти өстирип атырсыз – төрт жапырақлы марсилия (Marsilea quadrifolia) »»»

Шемби 3.10.2009 21:56 | Баспа | Экзотикалық өсимликлер

КПР клубы ҳаққында

КПР – Өсимлик өсириўшилери клубы Словакия
КПР – Өсимлик өсириўшилер клубы ҳалық-аралық бағбанлар шөлкеми болып есапланады. Толық оқыў...
Өсимликлерди өсириў ҳәм егиў тәжрийбелериңиз бенен бөлисиң. Бул ҳаққында өзиңиздиң ана тилиңизде мақала жазың ҳәм оны Ботаникс журналында жарыққа шығарың! Буннан да көбирек мағлыўмат ушын биз бенен байланысың.