Сиз бахыт ушын төрт жапырақлы өсимликти өстирип атырсыз – төрт жапырақлы марсилия (Marsilea quadrifolia)
Төрт жапырақлы марсилия (Marsilea quadrifolia) папортник өсимлиги болып, төрт жапырақлы формасындағы жапырақлары менен. Сизге өсимлик – папортник ҳәм төрт жапырақлы сөз бир-бирине туўры келмийтуғындай болып түйилмектеме? Әксинше, бул сөзлер ағла дәрежеде туўры келип, әдеттен тысқары декоративли, бағбаншылыққа әмелий мәлим таныс болмаған өсимлик.
Марселияның тамыры узын болып, ботинка баўын еслетеди. Тамырынан жапырақлар өсип шығады, жоқарығы қарай сүзип шығатуғын олар төрт туўры формалы жапырақларға бөлинген болып, бир қараста төрт жапырақлы жоңышқаны еслетеди. Гүзде тамырын суўдан шығарғаныңыздан соң үлкенлиги лобиядай келетуғын “асылғын” ға көзиңиз түседи, айнықса солар, өсимликти папоротник екенлигин анықлаўға себеп болады. Ол Қубла Америкадан басқа да ҳаўа райларында, пайдалы азық-аўқат затларына бай, жасалма ҳәм тәбийғый суў ҳәўизлеринде өседи, Арқа Америкаға ол өсимлик-басқыншы атамасы менен кирип келген. Польшының тәбийғый жерлеринде өсиў дәрежеси жоқ болған, Гочалковиц көлине экосистеманы қайтарыў ушын тәжрийбелер өткизилмекте. Ол Словакияның 7 жеринде “Латорица” дарьясының ҳәўизинде өседи. Қашанлардыр ол Боодрог, Лаборец ҳәм Уг дарьяларының әтирапында ушыраған. Чехияда ол өспейди.
Тропик жерлерде бир неше түрли әўладлары өседи, бирәқ олар ыссыны сүйиўши болғанлығы ушын бизиң шәраятларымызға туўры келмейди. Усылардан бир нешеси аквариумларда өсиреди.
Мәдениятта төрт жапырақлы маселия (Marsilea quadrifolia) ынжық түр емес, оған ҳәр қыйлы ыдыс суў менен бағдың азғана көлемли толтырғаны жетерли. Сиз оны 20×20×10 см көлемдеги ваннада өстиўиңизге болады. Ҳәм жыл даўамында көшеде (улыўма музламайды). Оның ынжық емеслиги ҳәм аңсат усыл менен көбейиўи ҳәр бир инсән ҳәр қыйлы жерде өстириўи (кишкене көлемли ваннада ямаса гүл түбек түби пүтинлигинде де, көше терезесиниң текшесинде де) мүмкин.
Ҳәўескер бағбанлар ушын имкәнияты шекленгенлиги ушын қурылысшылар ваннасында (олар 60–80 литрли болып, 10 евро әтирапында сатылады) өстириў идеал шешим табар еди. Түбине бир бел топырақ себиң (түбине 5 см ге шекем жетерли). Шетлерине шекем суў толтырып болғаннан соң, сиз масилия ушын идеал шәраят жаратқан боласыз. Бул ваннаның қолай тәрепи сонда, буны қысқы бағ ямаса ханаға, айна алдында (жақсысы балконлы айна алдында), өсимлик хананың ең қуяшлы ыссы жерде турыўы керек. Жазда ваннаны қубла балконға ямаса бағқа шығарыўыңыз мүмкин.
Бирәқ, бағдың ҳәўизшесинде жүдә шырайлы көринеди, ҳәўиз түбине бағдың топырақ ҳәм қум қарыспасынан ибәрәт жерге марсилияның тамырын азқана бөлегин қыстырып қойыў жетерли болады. Өсимлик ҳаққында басқа ойламасада болады – ол өзин-өзи еплейди. Марсилия суў бетине тез масласады ҳәм суў сапасынан азап шекпейди. Соның ушын сиз оны ыдыста ҳәр қыйлы суў бетинде (5–100 см) өстириўиңиз мүмкин. Усыған қарап марсилия жапырақлар сабағының узынлығы суў бетинде сүзип жүриўи ушын масластырылған.
Өсимлик тамырының бөлиниўи менен көбейеди. Онша үлкен болмаған тамыр (10 см) жетерли болады ҳәм жаз паслы даўамында суў бетинде сизде төрт жапырақлардан әжайып “газон” пайда болады.
««« Алдыңғы мақала: Биз пепино жетилистиремиз Кейинги мақала: Нанлы терек Artocarpus odoratissimus »»»
Екшемби 4.10.2009 07:00 | Баспа | Батпақ ҳәм суў өсимликлери
КПР клубы ҳаққында
Өсимликлерди өсириў ҳәм егиў тәжрийбелериңиз бенен бөлисиң. Бул ҳаққында өзиңиздиң ана тилиңизде мақала жазың ҳәм оны Ботаникс журналында жарыққа шығарың! Буннан да көбирек мағлыўмат ушын биз бенен байланысың.