Ботаникс – бағбаншылық ҳәм өсимликлер ҳаққындағы журнал

қарақалпақ версиясы

Нанлы терек Artocarpus odoratissimus

Арқа-шығыс Азия ҳәм Тыныш океаны араларыннан тарқалған нанлы терек (Artocarpus) туқымына тут туқымласының 60 түрли барлық ўақыт жасыл тропик тереклери киреди (Moraceae). Ол әнжир тереклерине туқымлас (Ficus). Нанлы терек (Artocarpus altilis) көп өстирилетуғын ҳәм белгили болған. Усы туқымға бирқанша мийўелы путалар ҳәм терек түрлери киреди, мысалы: әпиўайи Artocarpus (Artocarpus communis), (жабайы) чемпедак (Artocarpus integer), Жекфрут (түрли жапырақлы нанлы терек) (Artocarpus heterophyllus) ҳәм Мараң ямаса тарап (Artocarpus odoratissimus).

Бул мақалада Борнео (Индонезия) аралларында тарқалған кем белгили болған – Artocarpus odoratissimus түрин инәм етемиз, бирақ жергиликли мүтәжликлер ушын ол қоңсы мәмлекетлер (Малайзия, Тайланд, Филиппин) да өстириледи. Өзиниң ўатанында ол: Атаў, Кейран, Лолой, Мадаң, Мараң, Пи-ийен, Пинган, Тагар, Тегар, кҳанун сампалор) атамалары менен белгили. Бирақ ол бул орталықтан басқа болған жерлерде әмелий танылмаған. Ол тәбиятта теңизден 1000 метр жоқары болған теңиз жағаларының қумлы ҳәм екинши дәрежели тоғайларында өседи.

Ол 25 метрге шекем, жапырақларының узынлығы 16–50 см ҳәм ени 11–28 смге шекем өседи. Бир үйли өсимлик болғанлығы ушын, мийўулерди жетистириў ушын бир өсимликтиң өзи ғана жетерли. Майек сыяқлы формадағы мийўелердиң үстинги бөлеги жасыл болып узунлығы 16 см ҳәм ени 13 см. Аўырлығы 1 кг шамасында. Мийўелерди ығаллы ямаса пискен жағдайында жеўге болады. Ҳәр дайым жеўден алдын туқымларын қолайлы температурада қайта ислеў керек. Арқа-шығыс Азия пуқараларының тийкарғы азықланыў элементи нанлы тереклер болып усапланады. Мийелердиң ути қардай аппақ, суўлы, шийрин, ширели, жағымлы ийисли, жумсақ тәмли дурианды еслетеди(Durio дүньядағы ең сасық ийисли мийўе). Бирәқ, оннан парықлы тәрепи сасық ийис таратпайды.

Нанлы терек Artocarpus odoratissimus туқымынан көбейеди. Жаңа туқым жүдә жоқары өнип шығыўға ийе ҳәм бир ҳәптеде өседи. Борнеода өткезилген тәжрийбелер нәтийжесинде складларда қалып кеткен туқымлар 3 ҳәптеде өнип шығыўларын тоқтатады. Соның ушын туқымларды өз ўақтында суў менен тәмийнленетуғын қумлы жерге дәрҳал егиў керек. Вегатив көбейиўи (нәлшелер ҳәм сабыўлар) muvaffaqiyatsizlikka olib keladi. Нан тереги кеселликлерден ҳәм зыянлы жәнликлерден кемнен-кем зыян көреди.

Оның тропик келип шығыўы суўыққа шыдамсыз екенлигин көрсетеди. Минимал температурасы 7 °C тан кем болмаўы керек. Буннан келип шығады, оны ыссы ханаларда ҳәм үй шәрайатларында өстириў мүмкин. 

««« Алдыңғы мақала: Сиз бахыт ушын төрт жапырақлы өсимликти өстирип атырсыз – төрт жапырақлы марсилия (Marsilea quadrifolia) Кейинги мақала: Газонды қандай қылып туўры орыў мүмкин? »»»

Екшемби 4.10.2009 09:54 | Баспа | Экзотикалық өсимликлер

КПР клубы ҳаққында

КПР – Өсимлик өсириўшилери клубы Словакия
КПР – Өсимлик өсириўшилер клубы ҳалық-аралық бағбанлар шөлкеми болып есапланады. Толық оқыў...
Өсимликлерди өсириў ҳәм егиў тәжрийбелериңиз бенен бөлисиң. Бул ҳаққында өзиңиздиң ана тилиңизде мақала жазың ҳәм оны Ботаникс журналында жарыққа шығарың! Буннан да көбирек мағлыўмат ушын биз бенен байланысың.