Ботаникс – бағбаншылық ҳәм өсимликлер ҳаққындағы журнал

қарақалпақ версиясы

Пальма Parajubaea torallyi

Parajubaea torallyi Қубла Американың ең сулыў бекем пальмаларының бири болып есапланады. Бул ат сизге ҳеш нәрсени айтып турған жоқпа? Әжеп емес, Европада көп мудардағы туқымлар себепли ол аз егиледи (булл алып келиўге көп қәрежет кеткенликтен). Сол себепли, Боливиядан тысқары, булл әжайып пальма түрин сиз аз ушыратасыз.

Тәбиятта ол Боливия Андының қурғақ тегисликлеринде теңиз қәддинен 2700–3400 м бәлентликте өседи, соның ушын да ол дүнядағы ең бәлент өсиўши пальма болып есапланады. Бул жерлерде температура арасында 20 °С қа шекем көтериледи, ал түнги тоңлаўлар шамалық. Қыс айларында (июль, август) температура тез-тез –7 °С қа шекем түсип барады. Бул жерде жыллық жаўын муғдары 550 мм ге жақын, бул Моравияның ең қурғақ тегисликлериндегиден кем. Бийик таўлар климаты бирден- бир өсиў ареалы болғанлықтан ол суўыққа шыдамлы пальма түри, соның ушын оны Жер Орта Теңизинде бир жыл даўамында ашық аспанда қолайлы шараятта өсириўге болады. Бизде қыс айлары оны 0 °С температураға шыдай алатуғын, зыян тиймейтуғын жерге көшириў керек. Суўыққа шыдамлылық Европада –3 °С қа тең. Тарыйхта пальма шыдаған ең төмен температура –8 °С. Дурыс, олар барлық жапырақларын түсирди, бирақ, аман қалды ҳәм бәҳәрде қайтадан жапырақ шығарды.

Боливияда ол узынлығы 14 м, диаметри 25–35 см болып өседи. Жүз жыллық нусхалары болса 30 м, диаметри 50 см ге шекем өседи. Сулыў басынан шама менен 5 м узынлыққа шекем өсиўши 20 ға жақын жапырақ шығарады. Пальма өзиниң ана журтынан басқа жерлерде бир неше мәрте киши өседи.

Тәбиятта ол туқымының көлеминен парқ қылыўшы еки түрли папулятсияда өседи. Parajubaea вар. torallyi 7 см шекем өсиўши туқым, булл ўақытта оның майда туқымлы варианты Parajubaea torallyi вар. microcarpa бириншисинен 3 есе киши бириқ, визуал жақтан олар бир-биринен аз парқ қылады, тәбиятта киши вариант үлкен туқымлы варианттай бийикке өспейди.

Боливияда Parajubaea torallyi қала парклерине, көше бойларына отырғызылатуғын сүйикли өсимлик. Еквадорда ҳәм Қубла Колумбияда теңиз қәддинен 2500–3000 м бәлентликтеги қалаларда, суўыққа онша шыдамсыз ҳәм пәс өсиўи менен ажыратылатуғын Parajubaea cacoides өсириледи. Parajubaea torallyi менен уқсаслықты есапқа ала отырып, тәбиятта ол белгисиз болғанлықтан, гәп Parajubaea torallyi бир түри ҳаққында кетип атыр деп ойланады.

1996– жылы булл түрдиң ең киши ўәкили Parajubaea sunkha анықланды. Ол Валлегранда әтирапындағы андтың бирнеше ишки тегисликлеринде, Боливиядағы теңиз қәддинен 1700–2200 м бийикликтеги Санта-Круз округнда 8 метрге шекем өседи. Анық таксаномикалық изертлеўден кейин оны Parajubaea torallyi менен алжастырғанлығы анықланған.

Parajubaea түринен болған пальманы өсириў қыйын емес, бирақ булл ушын үлкен муғдарда шыдам керек болады. Тәбиятта туқым бир тегис өспейди, әдетте булл процесс 1,5 жыл даўам етеди. Базы бир туқымлар бир айдан соң өседи, басқаларына ярым жыл керек болса, базыларына жыл да кетеди. Егер гәп пальманың субтропикалық түри ҳаққында болса, жоқары температура туқымның өсиўин тезлетпейди, ал оны набыт қылады.

Туқымды егемен дейин оны 5–7 күн жыллы суўға салып қойыў керек, туқымның түрине қарап үлкен туқымларды 2 ҳәптеге дейин де салып қойылады. Суўды патасланып кетпеўи ушын ҳәр күни өзгертип турыў керек. Туқымды (үлкен туқымлардың ҳәр түрлилигине қарап) азғана үстин тегислеўге болады. Бул ўақытта суў туқымға киреди ҳәм дем алыў дәўирин тамамлайды (дем алыў дәўири бул, Боливиядағы июннен октябрге шекем даўам ететуғын қыс айларындағы қурғақшылық дәўиринде туқымларды бузылып кети сақлаў ўақты) ҳәм туқым шыға баслайды. Усының менен ығаллаў дәўири тамамланады. Умытпаң гәп қурғақ жерлерде өсиўши субтропикалық түр ҳаққында кетип атыр, соның ушын да суўдың артықшалығы оған жаман тәсир көрсетеди. Туқымларды кейин гүл отырғызылатуғын яки пластик ыдысқа жерден ярымына дейин көринип туратуғын қылып отырғызың, температура 10–20 °С әтирапында болыўы керек (егер жоқары күнги ҳәм төмен түнги температура арасында үлкен парқ болса). Бул түрдеги пальманы өсириўдиң басқа түрлерден парқы дым төмен температура ҳәм дым қурғақ субстрат тийкарғы парқ болып есапланады.

Отырғызылған туқымларды 3–4 ҳәптеден бир тексерип турың, өсиңкирегенлерин өз алдына ыдысқа отырғызың. Базы бир басланғыш бағшылар жақсы тәжирийбеге ийе болады олар жыл даўамында шықпай қалған туқымды өсириўди тоқтатады ҳәм еки ай даўамында субстратқа толық қуўраўға имкан береди. Кейин туқымлар таңланады, бир ҳәпте суўда ығаллайды ҳәм және егеди. Ярым жыл даўамында дерлик барлығы шығады. Шықпағанларын қайтадан еки ай қуўратып қояды ҳәм қайтадан ығаллайды, усыннан кейин барлығы толыөсип шығады. Бул пальманың туқымларының шығыўы дерлик 100% тек олар менен қалай ислесиўди билиў керек, оннан қалса жалқаўларын бирнеше ай қурытыў керек.

Нәл пайда болған ўақтында оны өсириў аңсат, тек қуйғанда шыдаў керек. Жас пальмалар ярым саяны унатады (тәбиятта нәллер үлкен тереклердиң саясында өседи), пискен өсимликлерге толық ашықлық керек ўақтында.

Parajubaea түри жоқ болып кетиў қәўпинде турған Қубла Америка пальмаларының түрине киреди. Қәўиптиң тийкарғы себеби биотоплардың жоғалыўы, аўыл-хожалығы өнимлерине талаптың артыўы, тоғайлардың шабылыўы ҳәм падалардың көбейиўи. Пальмалар киши територияда ушырасады, булл олардың жоқ болыў қәўипин күшейтеди. Туқымлардың үлкенлигинен пальмалардың тарқалыўы шекленген, узақ аралыққа тарқатыўшы адамзаттың талапшаңлығы нәтийжесинде жоғалып баратырған көзәйнекли айыў (Tremarctos ornatus) болып есапланады.

««« Алдыңғы мақала: Қурт-қумырсқа жеўши өсимликтиң туқымларын егиў көрсетпеси Кейинги мақала: Қыйылған шөп пенен не қылыў керек? »»»

Екшемби 4.10.2009 10:06 | Баспа | Пальмалар

КПР клубы ҳаққында

КПР – Өсимлик өсириўшилери клубы Словакия
КПР – Өсимлик өсириўшилер клубы ҳалық-аралық бағбанлар шөлкеми болып есапланады. Толық оқыў...
Өсимликлерди өсириў ҳәм егиў тәжрийбелериңиз бенен бөлисиң. Бул ҳаққында өзиңиздиң ана тилиңизде мақала жазың ҳәм оны Ботаникс журналында жарыққа шығарың! Буннан да көбирек мағлыўмат ушын биз бенен байланысың.