Ботаникс – бағбаншылық ҳәм өсимликлер ҳаққындағы журнал

қарақалпақ версиясы

Темеки Nicotiana glauca – балконлы пейзажлы өсимликлер

picture

Көгимтир темеки яки кникотин

Инсан талабы ҳәр дайым жаңа, әдеттен тысқарыдур. Ҳар бир ҳәўескер бағиан өзиниң бағында жаңа, ҳеш ким көрмеген, ҳеш кимде жоқ нәрсени өстириўди қәлейди. Соның ушын гүл базары ҳәр жылы тўрли жаңалықлар усыныс етеди, ҳәўескер бағманлардың арзу қылып жүрген жаңалықларын “қандырыў” ушын. Бирақ тижарат артынан көбейип атырған жаңалықлар тезликте тек ассортимент болып қалып атыр.

picture

Көгилт ассортимент ямаса көгилт некотин

Кейинги он жыл ишинде ең үлкен көлемли гүллерден ийт-жүзимлер (Solanaceae) семясына тийисли. Ең танықлыларына булар petunya, surfiniya, million belz (million bells) киреди. Олардың сыры тез өсип болып, ерте гүллеў дәўри (туқымлардан өсиргенде кеминде үш ай, қәлемшелер менен көбейткенде, олар улыўме тез гүллейди), соның менен бирге олар өсириў шараятына ынжықлық қылмайды. Әлбетте оларға көплеў қуяшлы жай туўры келеди, бирақ олар жарықлығы кем, суўықрақ жерлерде де өзилерин жақсы сезеди.

Бирақ бизиң үлкемизде ийт-жүзимлер семясы өсимликлери ҳәр дайым танылып пайдаланылмаған. Мысалы, картошкалар менен помидорларды еслең, басында тек декоратив өсимлик сыпатында ислетилген. Биринши индикация пайда болыўы менен бирге, усы өсимликлерди азық- аўқатларға ислетсе де болатуекен, басында турғынлар буған исенимсизлик пенен қарады. Бирақ тез арада олар сондай тез тарқалды, көп жерлерде мумтаз мийўелерди кемейтти ҳәм тийкарғы азық болып қалды.

picture

Усы санда биз көгимтир темекиге (Nicotiana glauca) Қубла Американың балконлы терекшеси менен танысамыз. Бизиң шараятта булл тез өсиўши бота терекшедур. Туқымынан өсирилген еки айдан кейин гүллейди. Жентилген өсимликлердиң шақалары бир айда 50 – 70 см өседи. Аты айтып турғандай пүткил өсимлик гүмис реңде қапланған. Соның ушын дыққатты өсимликке керек болғанда қол тийгизиў мүмкин емес, себеби қаплама тез өшип кетеди ҳәм өсимлик жағымсыз ашық реңге боялады. Жапырақлары гүмис реңли ақыры ушлы. Шақаларының ушлары гүлленйди, 20–40 сары трубкалы гүллери өсип шығады. Олардың узынлығы 3–3,5 см ҳәм ени шама менен 0,5 см. Гүллеўдиң басланыолар ашық сары, ашық көк хашыялы болады, гүллеп болғаннан кейин тоқ сары реңли болады. Усы түрдиң утысы сонда гүллеп болған гүллери декоративлигин сақлап қалады. Мысалы, петуниядан парқлы, гүллеп болғаннан кейин өзиниң көринисин сақлап қалған ҳәлда өсимликте узақ ўақыт турады.

Усы түрди өсирижүдә аңсан. Ханада оны жыл даўамында өсириўиңиз мүмкин, жазда болса оны балконға яки бағқа жайластырыўыңыз мүмкин. Оларды тез шығатуғын туқымлардан көбейтириўиңиз мүмкин. Гүллеўге мейил өсимликти сиз еки айдан кейин өсириўиңиз мүмкин (егер сиз оларды балконға 15-майда жайластырмақшы болсаңыз, онда март айының ярымында оларды егиўиңиз зәрүр). Өсимликлер қысты ханада яки әтиршахқа усап (бирақ жақсы жарық жер болыўы керек) өткизиўлери мүмкин. Қыс ақырында шақаларын шама менен ярымына дейин орап қойың ҳәм тез- тез суўғарың. Қыстан кейин шама менен бир айдан соң гүллейди. Усы түрден теректи шәкиллендириў мүмкин. Олар қәлемшелер менен көбеймейди, себеби олар тамырларын жүдә жаман шығарады (булл нәрсе қыйыншылық келтирмейди. Себеби туқымлардан аңсат көбейеди). Темеки азыққа талапшаң емес. Гүллеўге бай болыўы ушын сиз оны әпиуайы төгинлер менен азықландырыўыңыз мүмкин, балконлы гүллер ушын фосфор жоқары болыўы керек.

««« Алдыңғы мақала: Хошқәўмет уршық формалы алманы өсириў Кейинги мақала: Өсимликлерди туқымлардан көбейтиў »»»

Екшемби 4.10.2009 20:55 | Баспа | Экзотикалық өсимликлер

КПР клубы ҳаққында

КПР – Өсимлик өсириўшилери клубы Словакия
КПР – Өсимлик өсириўшилер клубы ҳалық-аралық бағбанлар шөлкеми болып есапланады. Толық оқыў...
Өсимликлерди өсириў ҳәм егиў тәжрийбелериңиз бенен бөлисиң. Бул ҳаққында өзиңиздиң ана тилиңизде мақала жазың ҳәм оны Ботаникс журналында жарыққа шығарың! Буннан да көбирек мағлыўмат ушын биз бенен байланысың.