Ботаникс – бағбаншылық ҳәм өсимликлер ҳаққындағы журнал

қарақалпақ версиясы

Пиязларды ҳәм өсимликлерди егиў

Сатып алынған өсимликлерди (егинлерди), почтадан алып келингенлерин, қадақтан шығарып қараңғырақ орынға 2–3 күнге жайластырың. Симзде екинши имканият да бар оларды бирден егиў, кейин болса бир нәрсе менен еки күнге қыя қылып жабып қойыў (мәселен концеляр қағаз бенен, доска менен) оларды қуяштан туўрыдан- туўры нурланыўдан сақлаў ушын. Болмаса сиз олдарды қуяш нурларынан зыянландырып қоясыз.

Өсирилген өсимликлерди алдыннан көшириў

Өсимликлердиң өлшемине туўры келетуғын шуқыр қазың. Өсимликти түбектен шығарың (мабада бос қадақланған өсимликлерди қапдан целофанлы пакетлерде) ҳәм тамырлары менен пәске, ҳәмме таманларын туўырлап шуқыршаға жайлаң. Шуқыршаға азғана суў қуйың тартылғаннан кейин, өсимликти топырақ пенен көмиң. Усы жол менен басқа өсимликлерди көшириң. Көширип болғаннан кейин орынларды яки клумбды жаңа егилген өсимликлерге суў куйың. Биринши күнлери егиўден соң өсимликлерди абайлап қарап суўғарың, ыссы күнлери, жазыйрама күнлери оларға саябан қылың. 1–3 ҳәпте даўамында өсимликлер пүткиллей тамырлап топыраққа биригип кетеди, соннан кейин бағдағы басқа өсимликлер сыяқлы қараң …

Пиязлыларды ҳәм тамыр мийўелилерди көшириў

Бириншиден пиязлыларды ҳәм тамыр мийўелилерди көшириў егежақ болған орынды қазың (кейин тек улыўма „пиязлылар“ аты менен). Егиўден алдын пиязлыларды қағазлы қапшаларға шығарың. Кереклише шуқыр қазың (кестеге қараң) ҳәм жоқары вегетатив төбелигине пиязшаны жайластырың. Айырым түрлериниң терис егилген пиязшалары набыт болыўы мүмкин. Кейин пиязшаны көмиң ҳәм топырақтың үстин қатты тегислеп көмиң. Егер ҳаўа қурғақ болсаегиўден кейин топырақты жақсылап суўғарың. Егер сиз, мәселен жаз ортасында лалаларды ексеңиз (оларды сақлаўға орын болмасы яки сиз дем алыўға кететуғын болсаңыз, онда оларды суўғарыў шәрт емес. Пиязшалар дем алады ҳәм биринши гүз жаўынлары менен өсиўди баслайды.

Майда пиязшалар өнимсиз топырақларда өсирилген болса, киширек шуқыршалароға егиң. Егиўдиң шуқыршасы пияздың ушынан топырақтың бөлегинен дейин болған масапа есапланады.

Пиязшалар жерден жер астындағы бөлеклери набыт болғаннан кейин суўырылады (булл гладиоустан тысқары барлық пиязларға тийисли) – жаздың басында жылолы қурғақ ўақтында соныңдай қурғақ май айында болыўы мүмкин. Пиязлылардың көпғана түрлерин жерден суўырып алғаннан кейин, қурғақ орында гүзгеше сақлаў мүмкин (мысалы чеснок, шафран, лалалар). Басқа түрлери: мәслелен лилиялар, қара жыланлы пияз, птичемлечник ҳәм купенелерди қурғақ орында сақлағанда зыян жетеди, набыт болыўлары мүмкин. Пиязшаларының қурыўын жақтырмаған түрлерди топрақтан топыраққа қурғақ жайда оларды узақ ўақыт сақламасдан көшириў жақсырақ (бир ҳәпте тура алады оннан артық мен қалдырмаған болар едим).

Тур егиў ўақты егиў шуқырлығы см де
Онша үлкен болмаған чеснок пиязшалары менен 2 см ге – мәселен: Allium carinatum, flavum, molly, oleraceum, scorodoprasum 7.-10. 5–8
Үлкен чеснок пиязшасы менен 10 см ге – мәселен: Allium giganteum, karataviense, nigrum 7.-10. 10–15
Colchicum – гүзги ўақтыншалық 8. 15
Crocus – сортлары бәҳәрде гүллейтуғын (Crocus chrysanthus, Crocus vernus) 10. 9
Crocus – сортлары гүзде гүллейткғын (Crocus sativus) (7.-)8. 9
Gladiolus (бағ сортлары) 4.-5. 10 (maydalari 5)
Gladiolus – (экзотик ботаник шақалары) 9. 5–8
Lilium candidum – Ақ лилия 8. 3
Lilium – Лилияның басқа түрлери 9.(-10.) 5–15 navga muvofiq
Muscari 7.-10. 8–10
Narcissus 8. 10
Ornithogallum umbelatum 7.-10. 10
Polygonatum – Kupena 8.-10., 2.-3. 10
Онша үлкен болмаған лалалар үлкен болмаған пиязшалар менен Tulipa chrysantha, tarda, saxatilis, turkestanica, urumiensis 10. 10
Үлкен лалалар – Грейга лаласы (Tulipa gregii), Фостера лаласы (Tulipa fosteriana), Кауфман лаласы (Tulipa kaufmanniana) ҳәмп бағдағы гибритлер 10. 12–14

Теңгеше пиязшалы лилияның көбейиўи

picture

Теңгеше пиязшалы лилияның көбейиў үлкиси

Лилияның ең әпиўайы көбейиў усылы булл теңгешели пиязшадыр.

Теңгешели пиязшалардың ең жақсысы онша үлкен болмаған созыңшақ түрдеги ящикке (ҳайўанлардың ыдысына уқсас) шуқырлығы 1–2 см (теңгеше үстиндеги грунттың қалыңлығы) ҳәм усындай шараятқа күндизги температура 25–30 °C, кеште 22 °C (кеште температура жәнеде пәс болыўы мүмкин, соның ушын баслысы күндизги туўры келетуғын температурадыр) (мәселен: оранжерея, ыссықхана, бөлме айнасы). Субстрат қурғақ болыўы тийис. Усы шараятларда теңгешелердиң төменги бөлиминде тез жаңа пиязшалар қәлиплеседи. Бир теңгешеде 1–3 ай бойы 2–3 үлкенлиги 1 см келетуғын пиязшалар қәлитплеседи. Егер теңгешелер июль ақырында терилген ҳәм егилген болса, онда сентябрь ярымында сиз оларды терип клумбқа 2 см болған шуқырлықта егиўиңиз мүмкин. Бир теңгешеси менен бир пиязшаны бир биринен шама менен 4 см болған масапада егиң. Клумбда 4–6 жыллық өстирилген кейин сиз биринши тайыпалы, гүллеўге мейил пиязларды аласыз.

Пиязшаларды туқымлардан көшириў

Айырым пиязшалардың түрлерин туқымлардан көбейтириў жүдә тез ҳәм қол келеди. Туқымларды март- апрель айларында туўры топраққа яки таярланған түбекке шуқырлығы 0,5 –1 см ли шуқыршаға егиң. Биринши жылы оларды көширмең, сол жерде қалдырың. Айырым түрлери сизде кейинги жылда гүллеўи мүмкин. Көп түрлери егиннен кейин 2–5 жылға гүллейди. Нызам бойынша, киширек түрлери тезирек гүллейди, үлкениреклерине қарағанда.

««« Алдыңғы мақала: Өсимликлерди туқымлардан көбейтиў Кейинги мақала: Биз авокадо өсиремиз »»»

Екшемби 4.10.2009 21:13 | Баспа | Өсимликлерди өсириў усыллары

КПР клубы ҳаққында

КПР – Өсимлик өсириўшилери клубы Словакия
КПР – Өсимлик өсириўшилер клубы ҳалық-аралық бағбанлар шөлкеми болып есапланады. Толық оқыў...
Өсимликлерди өсириў ҳәм егиў тәжрийбелериңиз бенен бөлисиң. Бул ҳаққында өзиңиздиң ана тилиңизде мақала жазың ҳәм оны Ботаникс журналында жарыққа шығарың! Буннан да көбирек мағлыўмат ушын биз бенен байланысың.