Ботаникс – бағбаншылық ҳәм өсимликлер ҳаққындағы журнал

қарақалпақ версиясы

Черимоя (Annona cherimola)

Европада кейинги ўақытлары жүдә қызық тропик мийўелерди келтирмекте. Shaxsan men Черимоя мийўесин жеп көргенмен . Сатыўда кемнен – кем пайда болсада, жүдә әжәйып болғаны ушын дүканларда барлық ўақытта өз жерин ийелеп турады.

Черимоя мийўели терек болып(Annona cherimola), саўда белгиси менен ислетиледи, Колумбиядан тартып Перуға шекем теңиз қәддинен 1500 метр жоқарыда болған Анд алапларында өседи. Ол пәслеў жерлерде дем температураға шыдамлы, соның ушын сиз Черимояны дуньяның көплеген ыссы жерлеринде, және де Израильде ҳәм Қубла Испаниядан табыўыңызға болады. Бул әўладқа 120 ға жақын түр киреди.

Черимояның қабығы гүңгирт-жасыл жалпызлы. Оның үстки бөлеги гүдир-бүдир болып, оны қысқаннан кейин бармақ излери қалғандай болып қалады. Базы бир адамларға гонт пенен жабылған төбени еслетеди. Қатты писпеген мийўелерди жумсақ болыўы ушын оны ўй температурасында қалдырыўыңыз мүмкин. Ети кремли реңде болып, дәми банан менен ананасты еслетеди, шама менен 10–20 лаған қара зәҳәрли туқымлары болып, үлкенлиги лобиядай болады. Терисин тийкарынан көбирек ығаллығынша жеў мүмкин.

Туқымларды ханада ямаса ыссы ханаларда егип, өстириўимиз мүмкин. Өсиў ўақты ҳәр қыйлы болыўы мүмкин, әдетте 3 ҳәптеде өседи. Туқымлардың өсип шығыўы ушын температура 27 °C болыўы керек. Туқымлардан өсип шыққан кишкене терекшелер қызғылт реңде болады. Кейиншели олар қараңғылаў, жасыл реңге айланады. Олардың жапырақлары 10–15 см болып, мәйек формасында үсти пәр менен қапланады, арқа тәрепинде болса, жипге усаған тамыршалары ашық-айдын көринип турады. Қыста жапырақлары тез-тез төгилип турады. Олар зыян көрген ўақытларында ийисленеди. Жапырақлар төгилген жерлеринен жаңадан шақалар өсип шығады. Бырлық түрдеги аннонлар шаңарағына көп нур ҳәмде тийкарғы қысты жақсы өткизиў керек болады, ҳәўескер бағбанлар арасында таласлы мәселелерге себеп болады. Мен аннонаны пүтин қыс даўамында үй шәрәятында 10 –15 °C температурасында қалдыраман. Қыста басқа өсимликлерди үй шәрәятында өстириўге ҳәрекет қылып көриў мүмкин ҳәм аннонаны қай жерде биринши болып гүллеўин анықлаймыз.

Әдетте аннона 3–5 жыл гүллейди. Гүллеўге шекем солыған көриниске ийе болып жапырақлардың үлкен бөлими төгиледи. Оның төгилген жапырақларының жеринен ямаса жас жапырақлары менен бир ўақытта сары реңли гүл болып гүллейди. Шаңлатыў ушын 2 өсимлик зәрүр, қолбала усылында да шаңлатыў мүмкин. Мийўелердиң писиўи 5–7 ай даўам етеди.

Жоқары бөлектиң өсип келиўи туўрасында тәшўиш тартпаң, ол ҳәр дайым солыған көриниске ийе болады. Узаққа созылмайтуғын солыў өсимликлерге зыян қылмайды, бирәқ сиз қыста да оған суў қуйып турыўыңыз керек. Егер әўметиңиз келсе, сиз қызықарлы аннонлардың басқа түрлерин де қолға киритиўиңиз мүмкин болады:

Annona sqamosa – қарағай ғозасын еслетуғын аннона ғозасы „қабыршақлы“ мийўелери бар. Соның менен де оларды шекерли алмалар депте атайды. Олардың реңи жасыл яки сары-жасыл.

Annona reticulata – тор пердели аннона қан реңин еслеткени „ешекли“ ямаса „өгиздиң жүреги“ деп намланады ҳәм жүдә шийрин ети бар.

Annona muricata – жумсақ тикенли аннона, соныңдай гуанабана деп те аталады, ең үлкен (аўырлығы 1,5–5 кг) ҳәм „ең тропикли“ мийўелерге ийе, кейиншелик денесинде тикенли гөдекшелер ажыларып шығады ҳәм узынлығы ярым сантиметрге тең болады. Олар жасыл реңде. Жапырақларынан қара короссалы шай таярлайды.

««« Алдыңғы мақала: Кивано - Cucumis metuliferus Кейинги мақала: Ҳинд лотосы (Nelumbo nucifera) »»»

Жума 2.10.2009 07:33 | Баспа | Экзотикалық өсимликлер

КПР клубы ҳаққында

КПР – Өсимлик өсириўшилери клубы Словакия
КПР – Өсимлик өсириўшилер клубы ҳалық-аралық бағбанлар шөлкеми болып есапланады. Толық оқыў...
Өсимликлерди өсириў ҳәм егиў тәжрийбелериңиз бенен бөлисиң. Бул ҳаққында өзиңиздиң ана тилиңизде мақала жазың ҳәм оны Ботаникс журналында жарыққа шығарың! Буннан да көбирек мағлыўмат ушын биз бенен байланысың.