Ботаникс – бағбаншылық ҳәм өсимликлер ҳаққындағы журнал

қарақалпақ версиясы

Ҳинд лотосы (Nelumbo nucifera)

сүўрет

Ҳинд лотосы

Лотостың гүли Ҳинд лотосы (Nelumbo nucifera) – бул әжәйып суў өсимлиги болып ығал болмайтуғын жасыл күл реңли жапырақлары ҳәм қызғылт гүллери бар. Буддистлер оларды диний мәресимлер ушын пайдаланады. Өсимликти барлық бөлимин жеўге болады (биринши нәўбетте аўқатқа туқымлары ҳәм жер ғозалары ислетиледи), ол Қубла-шығыс азияның ҳәр қыйлы аўқатларын таярлаў ушын ислетиледи. Бул батқақлы өсимлик болып, суў лилиясын өсиргендей қылып өстирсе болады. Бизде лотосты өстириў қыйын емес, тек ғана оны билиў керек.

„Егиў“ден алдын туқымларды азғана наждак пенен ислеў бериў керек, себеби олардың жоқарғы бөлими улыўма суў өткизбейтуғын нәрселер менен сиңдирилген. Егер оларға суў жетип бармаса туқымлар улыўма шықпайды.

Наждак пенен ислеў берилмеген туқым өнимдарлығын мың жыл сақлап қалыўға болады, егер сиз наждак пенен ислеў берместен оларды ибитип қойсаңыз өнип шығыўға дейин сиз 1–2 жыл күтип турыўыңыз керек болады.

сүўрет

Лотостың өнип шығатуғын туқымлары

Наждак пенен жетерликше ислеў берилгенлигин қалай билсек болады? Жетерликше ислеў берилген туқым 24 саат ишинде өз өлшемин еки мәретебе үлкейтеди. Егер бул жүз бермесе, туқымды наждак пенен және азғана ислеў бериң. Ҳәм және егер 24 саат ишинде өз өлшемин үлкейтпесе, ислеў бериўде даўам етиң.

Оларға тек ғана суў зәрүр…

Наждак пенен ислеў бергеннен соң туқымларды суў салынған ыдысқа жайластырың 20 °C температурада да туқымлар 24 саат ишинде өз формасын еки есе өзгертеди. Басланыўына 27–28 °C температура қолайлы. Усы температурада өсиў тез жүз береди, бир ҳәптеден кейин сиз өсимликке жапырақлары менен ийе боласыз. Фото ҳүжжетлерди қараң 

Биринши жапырақлары өсип шыққанна кейин өсимликти батқақлы субстартқа егиў керек, ямаса майда таслы шеге(аквариумда ислетиледи) ҳәм барлық өсимликлерди резервуарга (аквариум, ҳәўизше) 30 см ден кем болмаған суў ишине жайластырың. Егер субстарт сыпатында сиз аквариумлы майда таслы шеге ислетсеңиз, сиз лотосты аквариумда балықлар менен өстириўиңиз мүмкин. Әсте-секин өсимликтиң өсиўи менен кеңирек жер керек болады. Сиз оны музлап қалмайтуғын жерде қысқы бағдың ҳәўизшесинде, ыссы ханаларда ҳәм усыған уқсас жерлерде өстириўиңиз мүмкин. Өстириў ушын 20–35°C температура жетерли болады, ўатанласларымыз өткизген амплитуданың пәс температураға масласыўыға мәжбүр, лекин лотосқа бул ҳеш те кесентлик етпейди. Жазда лотосты көшедеги ҳәўизге шықарыўыңыз мүмкин, бирәқ қыста оны ишкериге керек болғанда суў лилиясына уқсап ығаллы подвалға киргизиўиңиз мүмкин. Өстириў ушын ең мақыл шешим қурылыс қарыспалары ушын ванналарда (булар 60–80 литрли болады ҳәм 10 евро әтирапында сатылады). Өсимликти субстарт пенен (батқақлы ямаса аквариумлы майда таслы шегелерге) ваннаға қойың. Қашан оны суў менен толтырсаңыз, лотос ушын жүдә қолайлы шәрәйыт жаратқан боласыз. Бул ваннаның қолай тәрепи сонда, буны қысқы бағ ямаса ханаға, айна алдында (жақсысы балконлы айна алдында), өсимлик хананың ең қуяшлы ыссы жерде турыўы керек. Жазда ваннаны қубла балконға ямаса бағқа шығарыўыңыз мүмкин. Сондай етип лотосты панелли үйде де өстириўиңиз мүмкин!

««« Алдыңғы мақала: Черимоя (Annona cherimola) Кейинги мақала: Суўыққа шыдамлы пальма (жабайы пальма) Rhapidophyllum hystrix »»»

Шемби 3.10.2009 08:34 | Баспа | Батпақ ҳәм суў өсимликлери

КПР клубы ҳаққында

КПР – Өсимлик өсириўшилери клубы Словакия
КПР – Өсимлик өсириўшилер клубы ҳалық-аралық бағбанлар шөлкеми болып есапланады. Толық оқыў...
Өсимликлерди өсириў ҳәм егиў тәжрийбелериңиз бенен бөлисиң. Бул ҳаққында өзиңиздиң ана тилиңизде мақала жазың ҳәм оны Ботаникс журналында жарыққа шығарың! Буннан да көбирек мағлыўмат ушын биз бенен байланысың.