Суўыққа шыдамлы пальма (жабайы пальма) Rhapidophyllum hystrix
Rhapidophyllum hystrix – пүткил жер жүзи бойынша ең суўыққа шыдамлы апльма түри болып есапланады, соның ушын биргеликте Rhapidophyllum hystrix әўлады бир көриниске ийе. Тәбиятта ол Қубла-Шығыс АҚШтың батқақ жерлеринде өседи. Бул түр суўықтың 20 °C қа шекем шыдамлы болғанлығы ушынбизде ашық жерлерде өстириүге болады. Оның қанықарлы тәреплеринен бири онша үлкен болмаған узынлығы (кеминде 1–3 метр) ҳәм жазыбалы денеси қуйық тикенлер менен қапланған.
Дикобраз пальмасы теректиң қарақалпақша атамасы латын тилинен аўдарылып, Rhapidophyllum = “ийнели жапырақлар”, hystrix = “дикобраз” мәнислерин аңлатады. Бизлердиң шәраятымызда пальмаларды өстириў қыйын емес. Пальмалардың тропик түрлерине ҳәм жоқары температура талап етпегениндей, туқымларды көрсетпе бойынша егиң. 20 °C температура жетерли болады. Биринши 3 жыл даўамында пальмаларды тек ғана жазда көшелерде усынылады, қыста болса қолайлы температуралы имәрәтта өстириў қолай болады. 3 жылдан кейин бизиң қысымызды өткериў ушын пальма жетерли дәрежеде үлкейген болады, соның ушын оны отлы жерлерге егиўиңизге болады. Усыған уқсас суўыққа шыдамлы пальмаларға суўды да, ҳаўаны да жақсы өткизе алатуғын субстарт керек, жақсысы жоқары бөлими қубла тәрепте егилген болыўы керек. Қыста пальмаға үлкен қәўип туўдыратуғын нәрсе бул суўық емес, бул жердиң ҳәдден тысқары ығаллығы болып, бул менен тамырлардың шириўине алып келеди. Улыўма алғанда пальма 15–20 °C минус температурада шыдамлы. Ең пйс температураны – 28 °C ды өткериўге ериседи.
Суўыққа шыдамлы
пальмалар сатыўда
««« Алдыңғы мақала: Ҳинд лотосы (Nelumbo nucifera) Кейинги мақала: Биз жаңа газон орнатамыз »»»
КПР клубы ҳаққында
Өсимликлерди өсириў ҳәм егиў тәжрийбелериңиз бенен бөлисиң. Бул ҳаққында өзиңиздиң ана тилиңизде мақала жазың ҳәм оны Ботаникс журналында жарыққа шығарың! Буннан да көбирек мағлыўмат ушын биз бенен байланысың.