Қытай шай путасы – өзиңиздиң шайыңызды өстириң!

сүўрет Өзин ҳүрмет қылатуғын ҳәр бир ҳәўескер бағбан қыс аҳырында кейинги пасылға нени өстириўди ҳәм көбейтиўди режелестире баслайды. Ҳәр жылы помидорларды, қызыл бурышларды ҳәмде қыярларды өстириў жаныңызға тиймедме? Өзгерислерди қәлейсизбе? Азғана экзотикадан? Усы жылы шай өстириўге қалайсыз?!

сүўрет (Camellia) шай әўләдина шама менен 50 ге жақын барлық ўақытта жасыл тропик ҳәм субтропик путалар киреди, соның менен бирге онша үлкен болмаған тереклер, усылардан ең белгилиси қытай шай путасы (Camellia sinensis). Бул жүдә қадимги мәдений өсимлик болып қубла ҳәм қубла-шығыс Қытайда ҳәм қоңсылас мәмлекетлер болған Ҳиндистанда, Бирмада, Вьетнамда ҳәм Лаосда кеоип шыққан болып ол жерлерде мың әсирлерден берли өстирилип келинбекте. Ол пүткил дуньяның тропик жайларында өстирилсе, Қытай, Ҳиндистан, Шри Ланка ҳәм Япония алдыннан шай ислеп шығарыў бойынша ең жетекшилеринен еспаланады.

сүўрет

Шай путасының туқымлары.

Бизлердиң шәраятымызда жеке шайды өстириў қыйыншылықлар туўдырмайды. Баслысы жаңа туқымлар, себеби шай путасының туқымы сапасын тез жоғалтады. Домалақ усаған туқымларды егиўден 2–3 күн алдын, ибитип қойыў керек. Соң оларды ҳаўалы субстарда егиң. 20–25 °С температурада олар 2–4 ҳәптеде өсип шығады. Қуяш түсетуғын жерде жас өсимликлер тез өседи, ҳәм ярым жыллық өсимликлерди сиз жалғызлатыўды басласаңыз болады. Туўры жалғызлатыў арқалы сиз сер шахлы пута түрине, соныңдай жеке шайыңызды ислеп шығарыў ушын шийки затқа ийе боласыз.

Жас паслында шай путасын ҳәўлиде, бағда ямаса балконда өстириўиңиз мүмкин. Ыссы жас ҳәм аз ўақытта жетерликше қуйылған суў, ўатанындағы шәраятларға мас келеди. Өзиңиздиң бағыңызда ямаса балконда өстирилген шай тропик жерлерде өстирилген шай сыпатында тең келмеседе, өзиңиз жақсы қарап өсирсеңиз сизге көп қуўаныш әкелип, өсимлигиңиз сизди үлкен ақ гүллери менен қуўанышқа бөлейди. Қыста шай путасын айна алдына жайластырың. Барлық ўақытта жасыл пута гәп кетер екен, қыста оған керекли қуяш нурлары жетиспегеннен кейин қыс даўамында олар сөнип уйқыға кетеди. Бирәқ, бәҳәр кирип келиўи менен олар өз ҳалатына тез қайтады ҳәмде және өз жеке шайыңызды териўиңиз мүмкин.

Printed from neznama adresa