Қарағай Pinus kesiya

Pinus kesiya қарағайы азия қарағайларының тез өсер түрлеринен бири, өзиниң ўатанынан басқа жерлерде кем өсириледи. Ол 30–35 метрге дейин өседи, ал диаметри 1 метрге шекем жетеди. Бул үш ийнели қарағай (бир жеринен 15–20 см 3 ийне шығарады). Исигиниң үлкенлиги 5–9 см, туқымының узынлығы 1,5–2,5 см.

Оның өсиў ареалы Шығыс Гималайдан арқа-шығыс Индияға шекем (ҳәзирде тек ғана тоғайшылық себепли Мегхалая ҳәм Манипур штатларындағы Хаси ҳәм Нага усаған таўлы жерлерде), Қытайда (Юньнань провинсиясында), Бирмада (Мьянма), Арқа Тайландта, Лаоста, Вьетнамда (Лайтяу, Лангшон, Каобанг, Куангнинь), Филиппин (Лусон). Базыда қарағайды Филиппинда Pinus insularis деп атайды. Қытыйда айрықша түри – юньань қарағайы өседи (Pinus yunnanensis).

Ол таў етеклериндеги қалың тоғайларда, ашшы қызыл яки сары алтын реңли топрақта (pH 4,5), теңиз қәддинен 800–2000 метр көбинесе 1200–1400 метр бәлентликтеги жерлерде өседи. Климат субтропикалық, мусонлы, ығал ҳәм қурғақ дәўирлер тәкирарланып турады. Жаўын муғдары жүдә жоқары, Ҳауаның ығаллығы 70% тен түспейди.

Ол онша суўық болмақан суўыққа шыдамлы , бирақ тәбиятта кеш тоңлаўлар тәсир қылады. Соның ушын оның өсиўине қорғалған жер талап етиледи, мысалы, арқадан қорғалған қубла етеклерде. Арқа районларда тоңлаў ўақтында оныбир ханаға яки теплицада шама менен 0 °C температурада сақлаў керек . Қубла Европада оны жыл даўамында ашық ҳаўада өсириўге болады.

Англишанша аталыўы: khasi pine

Синонимы: Pinus khasya, Pinus khasyanus

Printed from neznama adresa