Авокадо (үлкен ботаник алмурт – Persea americana) тропик терек болип, узунлиғи 6–20 м. Табийатта Мексика ҳәм де Бразилийада өседи. Ҳәзирги ўақитта пүткил тропик ҳәм субтропик аймақларда өстириледи. Жапрақлары еллиптикалиқ, ушлари найзали, терли, жылтырақ, жарық йамаса қойыў жасыл, арқа тәрепи күлрең. Апелсин жапрағына усайды.
Гүллеўи үлкен гүл болип ашилип 100–300 гүллейди, бирақ шама менен 0,1% шаңланади. Буниң себеби гүллеўдин биринши күнинде-ақ уруғчи раўажланиўи болип табилади, шаңланиў еле жүз бермеген болади. Кейин гүл бир күнге жаўилади. Кейинги күнде гүл жане ашилади, шаңланатуғинлари раўажланады, уруғчиси болса солип қалади. Буннан басқа гүлдиң жетилген уруғчиси ҳәм шаңлатиўшысы күнниң ҳәр түрли ўақтинда ашылади.
Мийўеси мәйек йамаса алмуртқа усайди. Авокадо сорти 3 географик топарға бөлинеди:
Ҳәзирги күнде сортлар да бар, еки топарларди шағылыстырыў жолы менен алынған (көбинше гватемаллы ҳәм мексикани). Бизлер ушын тек мексикали сортлар топари әҳмийетке ийе. Мумкин гүллеқи қыйын болғанлығы ушин бизде мийўелер туўмайды, бирақ шырайлы жапрақлары болғанлығы ушын интерйер ушын қолайлы сорт. Туқымлардан өсирилген авакадо 6–8 жылға келип гүллейди. Авакадо ушын жайылған жақтылық талап етиледи. Сиз оны бөлмеде, кеңседе йамаса ыссыханада өстириўиңиз мүмкин. Жазда балконға ҳамаса бағқа қойыўыңыз мүмкин.
Топыраққа ол талапшаң емес. Жеңил, орта жумсақ келип бағбаншилиқта пайдаланатуғини. Жыл даўамында оған қурғақ, көп суўғарылмайтуғын топырақ керек. Егер қурғақшылықтан қыйналса, жапырақлары төгилиўи мүмкин. Ўақти-ўақти менен оларға суў себелеў пайдалы.
Авакадоны туқымлардан көбейтиў аңсатрақ. Қалемшелер менен тек айырым түрлери ғана көбейеди.
Туқымларин суў менен йарымына дейин жибитиў керек, өтпес тарепи менен то;менге. Өспегенше жибитиўди даўам етиў керек. (олар ширип кетпеўи ушын мен туқымларды 3 айдан артық жибитпеўди мәслаҳат етемен. Егер 3 ай ишинде туқымлары өнип шықпаса усындай қылып та егиң. Әдетте егистен кейин туқымлар өнип о;сип шығады.)
Туқымларди ¾ ке өтпер тәрепи менен төменге қарап егиң. Мениңше үлкенлеў ыдысқа биреўден егиў қолай болип, айна бөлеги менен жабыў керек. Усындай етип ол жерде өнип шығыўди тезлестиретугын орталық сақланып қалады. Егилетуғзин субстраттиң (топирақтиң) жеңил ҳәм ҳаўалисин сайлап алиң, артықша суў тезлик пенен ағип кетиўи ушын. Айнаны ҳәр күни шама менен 30 мин ға алып қойың, туқымлар изғарланбаўы ушын.
Туқымлар күн бойы ыссыда турса жақсы өнип шығады. 25 °C дан жоқары болған температуре идеал есапланады. Биринши жапырақлары өсип шыққаннан кейын, үй температураси жетерли.
Жоқары температураны услап турыў аңсат, егер түбекти ыссы радиатр үстине қойсаңыз. Соның ушын жаңа туқымларды ең жақсысы қыста егиў жақсилаў, ысытыў мәўсими ўақтинда.
Бизиң жағдайымызда авакадо жетерли дәрежеде тез өседи. Сизде бийиклиги 1 метр әтрапинда болған шохли терек 2 жыл даўамында өседи.
Авакадо мийўелерин бизиң жағдайымызда өсириўдиң илаҳи жоқ. Бирақ ҳәзир оларды магазинда табиў қыйын емес. Тилекке қарсы, магазиннен сатып алынған мийўелер туқымларынан өсимлик өсире алмайсыз (олардиң өсип шығыў имканийаты дым төмен, себеби мийўелерди шийкилей терип алади).
Авакадо дүнйа жүзи бойынша ең азыққа бай мийўе есапланады. Енергетик муғдары 100 гр қабығына 840 кЖ ға тең (салыстырыў ушын: баналар 355кЖ, манго 215, папай 180, помидорлар 90, қыйар 0,64). Ол 5–32% териге жеңил сиңдирилетуғин май қурамына ийе ҳәм косметиканың қимбатли тийкарғы қурамы болып есапланады. Химийалық қурамына қарасақ бул мийўе есапланбайды, бирақ сонда да уси топарға киритеди.
Көбинше они шийки ҳалында ислетиледи. Оны бөлеклеп, лимон сокына қосып дуз йамаса шөплер қосып, қасық пенен желинеди. Кейинги санда авакадо сонда әпиўайи рецептлер табасиз.
Printed from neznama adresa