Pongamia pinnata
Ҳинд атшы Pongamia pinnata (Indian Beech Tree, Honge Tree, Pongam Tree, Panigrahi) собықлылар (Fabaceae) шаңарағындағы жапырақ таслаўшы терек есапланады, келип шығыўы Ҳиндистаннан болып, Қубла-Шығыс Азияда көп өсириледи.
Ол 15–25 см ға шекем өседи ҳәм үлкен шақа-шабаданы көрсетеди. Гүллеўи майда ақ, қызғылт яки қызыл ҳүш-ийис гүллер менен гүллейди.
Бул түр күшли тамыр дизими ийелиги себепли жоқары температураларға ҳәм күшли қуяш жақтылығына, соныңдай қурықлыққа шыдамлы. Тәбиятта ол қумлы ҳәм таслық жерлерде, ҳәктасларда өседи. Соның менен бирге оны шор топырақларда да өстириўге болады. Көбинше усы теректи қурық жерлерде самалды тосыўда яки қалалар-ара сая – салқынлатыў мәсетинде егиледи. Қабық шпагат ҳәм канатлар яки қары резиналарды ислеп шығарыў ушын, зәҳәрленген балықлардан жараланғанларды даўалаў ушын қолланылады. Ол ҳаўа азотын ислеп турыў қәбилийетине ийе болғаны ушын, өнимдарлығы пәс болған жерлерде топырақты азықландырыў ушын егиледи. Өсимлик зәҳәрли болғанына қарамастан ол тәбиятта қолланылады. Өсимликтиң шербети ҳәм майы антисептик тәсирине ийе. Туқымлардан алынған май дәстурий тәризде шырақлар, сабын ислеп шығарыўда ҳәм сүртилетуғын нәрселер ушын ислетиледи, ҳәзирни ўақытта оның әҳмийети артқан, ҳәттеки биобензинге қосымша сыпатында ислетиледи.
Printed from neznama adresa